Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2021 16:16
  • 15294

Тубдиспансер «COVID-19» наўқасларын қабыл етиўге таяр жағдайға келтирилди. Қарақалпақстандағы эпидемиологиялық жағдай ҳаққында мағлыўмат берилди

Тубдиспансер «COVID-19» наўқасларын қабыл етиўге таяр жағдайға келтирилди. Қарақалпақстандағы эпидемиологиялық жағдай ҳаққында мағлыўмат берилди
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, 2021-жыл 12-июль саат 16:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны 879 адамды қурайды. Соннан:

91 пуқара – Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медициналық комплексинде стационар шараятта емленип атыр. Соннан 12 наўқастың аўҳалы аўыр, 3 наўқас жүдә аўыр аўҳалда, 79 наўқастың аўҳалы орташа. Барлық наўқаслардың жағдайы турақлы. Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген.

Емлеўхана ашылғаннан баслап, бүгинги күнге шекем 57 наўқас саўалып, үйлерине рухсат берилген.

788 пуқара – коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.

Мағлыўмат ушын, COVID-19 бенен кеселленген наўқасларды емлеўде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелери тәрепинен баспадан шығарылған «Коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларды емлеў бойынша ўақытша усыныслар» (8-редакция) (Ташкент. «O\'zbekiston», 2021) қолланбасы тийкар етип алынған.

Егер Нөкис арнаўлы медициналық комплекси аўыр наўқаслар менен толып қалған жағдайда, ҳәр итималға қарсы Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансери COVID-19 бенен кеселленген наўқасларды қабыл етиўге таяр ҳалатқа келтирилген.

Ҳәзирде эпидемиологиялық бақлаў жумыслары даўам еттирилмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында