Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.07.2021 15:11
  • 939

Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў бойынша әҳмийетли қарар қабыл етилди

Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў бойынша әҳмийетли қарар қабыл етилди
2021-жыл 16-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бәршеге мәлим, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 3-ноябрьдеги «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилип, мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тилдиң ҳәрекет етиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар əмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, қарақалпақ тилиниң жазыў нормалары ҳәм қағыйдаларын жетилистириў, заманагөй атамалардың қарақалпақша сыңарларын жаратыў ҳәм бир түрде қолланылыўын тәмийинлеў, географиялық ҳәм басқа да топонимикалық объектлерге нызам ҳүжжетлерине муўапық атамалар бериў илажлары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды және де жоқарғы басқышқа алып шығыў, мәмлекетлик тилди және де раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қарарға муўапық, 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясы тастыйықланды.

Концепцияда елимиздиң жəмийетлик-сиясий турмысының барлық тараўларында мәмлекетлик тил имканиятларынан толық ҳәм дурыс пайдаланыўға ерисиў, билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик тилди оқытыў системасын жəне де жетилистириў, оныӊ илим-пән тили сыпатындағы абырайын арттырыў, қарақалпақ тилиниң тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм халықтыӊ сөйлеў мәдениятын арттырыў, қарақалпақ тилиниӊ заманагөй мəлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына жедел интеграцияласыўын тәмийинлеў, қарақалпақ тилиниң халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайын арттырыў, бул бағдарда шет еллер менен бирге ислесиўлерди раўажландырыў, елимизде жасайтуғын барлық миллет ҳәм елатлардың тиллерин раўажландырыў мақсетинде кең ҳәм тең имканиятлар, сондай-ақ оларға мәмлекетлик тилди үйрениў ушын қолайлы шараятлар жаратыў сыяқлы мәмлекетлик тилди раўажландырыўдың баслы бағдарлары белгилеп берилди.

2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларында төмендегилер нәзерде тутылады:

а) билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик тилди оқытыў системасын жəне де жетилистириў, оның илим-пән тили сыпатындағы абырайын арттырыў тараўында:

2025-жылға мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў тармақларын кеңейтиў, яғный жаңадан мəмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, мəмлекетлик-жеке шериклик тийкарындағы ҳəм шаңарақлық мəмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў, мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түрлерин раўажландырыў есабынан қарақалпақ тили топарларына қамтыўды 75,7 процентке, 2030-жылға шекем 79,1 процентке жеткериў;

2030-жылға шекем улыўма билим бериў мектеплеринде оқыў жыллары ушын таяныш оқыў жобаларында қарақалпақ тили пәниниң оқытыў көлемин әмелдеги ҳәптеде 73 сааттан 90 саатқа шекем көбейтиў;

жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тили кафедраларының санын 2025-жылға шекем 8 ге, 2030-жылға шекем 12 ге жеткериў;

б) қарақалпақ тилиниң тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм халықтың сөйлеў мәдениятын арттырыў тараўында:

латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесинде «Қарақалпақстан миллий энциклопедиясы» томларын басқышпа-басқыш таярлаў ҳəм баспадан шығарыў;

2021-жылда қарақалпақ тилиниң сөзлик байлығын арттырыўшы 9 лингвистикалық, тараўлық-терминологиялық, түсиндирме сөзликлер жаратыў;

телерадиоканалларда баслаўшы-журналистлердиң қарақалпақ әдебий тилинде сөйлеў мәдениятын жетилистириўге бағдарланған курсларда оқытыў системасын жолға қойыў ҳәм қамтыўды 2030-жылға шекем 100 процентке жеткериў;

қарақалпақ тилинде жумыс алып баратуғын аймақлық телерадиоканаллар ашыў;

в) қарақалпақ тилиниң заманагөй мəлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларына жедел интеграцияласыўын тәмийинлеў тараўында:

2025-жылға шекем қарақалпақ тилинде тараўлар бойынша ис жүргизиў ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон үлгилерин ислеп шығыў ҳәм олардан пайдаланыў ушын 6 онлайн-бағдарламажаратыў, 2030-жылға шекем бул көрсеткишти 15 ке жеткериў;

электрон бағдарламалардың қарақалпақша қосымшаларын ҳәм электрон сөзликлер жаратыў;

шет ел пуқаралары ушын қарақалпақ тилин үйретиў бағдарламаларын жаратыў;

г) қарақалпақ тилиниң халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайын арттырыў, бул бағдарда шет еллер менен бирге ислесиўди раўажландырыў тараўында:

шет ел жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тили курсларын зәрүр илимий, оқыў-методикалық, көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў, қарақалпақ тилин үйретиўге байланыслы илимий-изертлеў жумысларының көлемин кеңейтиў.

Сондай-ақ, қарар тийкарында 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясын 2021-2023-жылларда әмелге асырыў бағдарламасы, латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ əлипбесине басқышпа-басқыш толық өтиўди тəмийинлеў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ əлипбесине басқышпа-басқыш толық өтиўди тəмийинлеў бойынша «Жол картасы»нда Нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, Әлипбе ҳәм имланы оқытыў, үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў, Оқыў-методикалық әдебиятлар, қолланбалар ҳәм олардың электрон бағдарламаларын таярлаў ҳәм тарқатыў, Жаңа әлипбедеги жазыўда ис жүргизиўге толық өтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген.

Оған муўапық, 2022-жыл декабрьге дейин:

– ис қағазлары, түрли бланкалардың толық латын жазыўына тийкарланған өзбек ҳәм қарақалпақ әлипбесинде жазылыўын тәмийинлеў;

– көше ҳəм орын атамалары, шөлкемлердиң атлары, тахташалар, ғалаба хабар қураллары, реклама ҳәм дағазалардың толық латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ ҳәм өзбек әлипбесинде жазылыўын тәмийинлеў;

– жергиликли баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары, интернет сайтлары, баспалар, полиграфия кәрханалары жумысын толық латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесине өткериў;

2023-жыл 1-январьдан баслап шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине қарамастан барлық шөлкемлерде ис жүргизиў ҳүжжетлери ҳәм басқа да ҳүжжетлерди латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ ҳәм өзбек әлипбесинде ислеп шығыў, қабыллаў ҳәм жəриялаў әмелиятын толық енгизиў, бунда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ ҳәм өзбек әлипбесинде ис жүргизиўге толық өтиўин тәмийинлеў белгилеп қойылған.

Президиум қарарына муўапық, 2022-жыл 1-апрельден баслап қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша билимди баҳалаўдың тест системасы тийкарында басшы кадрлардың мәмлекетлик тилде рәсмий ис жүргизиў дәрежеси анықланыўы ҳәм жуўапкер лаўазымларға тайынланатуғын шахслар ушын қарақалпақ тилин билиў бойынша дәреже сертификатлары енгизилиўи, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы «Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы»нда қарақалпақ әдебий тили нормалары ҳәм мәмлекетлик тилде ис жүргизиў бойынша қысқа мүддетли (1-2 айға шекем) оқыў курслары турақлы түрде шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанында Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды шөлкемлестирилип, оның Қəўендерлик Кеңесиниң қурамы, структурасы, Режеси тастыйықланды.

Қарақалпақ тилин раўажландырыў бойынша басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм қарақалпақ тилин раўажландырыў жойбарларына грантлар ажыратыў, қарақалпақ тилин раўажландырыў бойынша китаплар, қолланбалар, сөзликлер ҳәм басқа да китапларды шығарыўды финанслық қоллап-қуўатлаў, қарақалпақ тилин раўажландырыўға байланыслы илимий-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қарақалпақ тилин раўажландырыўға тийисли ҳүжжетлери, мəжилис протоколлары ҳәм тапсырмалары бойынша илажларды қаржыландырыўға көмеклесиў, қарақалпақ тилин раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм “жол карталары”ын әмелге асырыўда қатнасыў, қарақалпақ тилин раўажландырыўға байланыслы медиа өнимлер, компьютер бағдарламалары, мобил қосымшалар ҳәм басқа да электрон материалларды таярлаў жумысларын қоллап-қуўатлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фондының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине:

2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳəмде оның 2021-2023-жылларда әмелге асырыў бағдарламасында ҳəм Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ əлипбесине басқышпа-басқыш өтиўди тəмийинлеў бойынша «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетинде сапалы орынланыўын тəмийинлеў бойынша ҳəр шеректе жуўапкерлердиң есабатын тыңлап барыў;

Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими, Инновациялық раўажланыў басқармасы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, жоқары оқыў орынлары, тийисли министрликлер ҳәм мәкемелер менен биргеликте қарақалпақ тилиниң лексикография тараўын раўажландырыў, жаңа әўлад оқыў ҳәм атамалар сөзликлерин жаратыў, олардың электрон вариантларын иске түсириў;

жоқары оқыў орынлары менен биргеликте филология тәлим бағдарларында «Компьютер лингвистикасы», «Әмелий филология» қəнигеликлерин шөлкемлестириў;

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў басқармасы, Инновациялық раўажланыў басқармасы, Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы менен биргеликте қарақалпақ тилинен шет тиллерге ҳәм шет тиллерден қарақалпақ тилине аўдарма ислеўши компьютер бағдарламасын жаратыў;

Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы менен биргеликте тийисли шөлкемлердиң қатнасыўында балалар ушын өз алдына қарақалпақ тилиндеги телеканал шөлкемлестириў, «Тилге итибар», «Ана тилинде сөйлесемиз», «Шешенлик шеберлиги», «Тил – миллеттиң айнасы», «Китап – билим булағы», «Билимли жаслар – келешек қурыўшысы» ҳəм басқа да көрсетиў ҳәм еситтириўлерди шөлкемлестириў;

Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы, миллий-мәдений орайлар менен биргеликте миллетлер аралық қатнасықларды, татыўлықты беккемлеў ҳәм олардың турмысын, үрп-әдет ҳəм дәстүрлерин, тилин, тарийхын ҳәм мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы арнаўлы көрсетиўлерди шөлкемлестириў;

Финанс министрлиги менен биргеликте Қарақалпақ тилин раўажландырыў фондын қаржыландырыў ушын 2021-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 1,0 миллиард сўм ҳәм 2022-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын ажыратыў ўазыйпалары жүкленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...