Усы жылдың 16-июль күни Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Республикалық арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық, ашық ҳәм жабық аймақларда ғалабалық илажларды өткериў тоқтатылыўы мүнәсибети менен академиялық лицейлерге дәслепки сайлап алыў және тийкарғы имтиханларды өткериў ўақты белгили бир мүддетке өзгертилгени ҳәм эпидемиологиялық жағдайдан келип шыға отырып академиялық лицейлерге сайлап алыў имтиханларының өткерилиўи усы жылдың сентябрь айының биринши ярымына жобаластырылып атырғаны жәрияланған еди.
Бирақ, айырым Телеграм каналлары ҳәм социаллық тармақларда усы хабар «Кириў имтиханлары карантин себепли сентябрь айына қалдырылатуғын болды» атамасында жәрияланыўы нәтийжесинде көплеген пуқаралар хабарды толық оқымастан жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары сентябрь айына қалдырылды, деген жуўмаққа келген.
Мәмлекетлик тест орайының мәлим етиўинше, усы себепли көпшилик тәрепинен орайға «Имтиханлар ҳақыйқатында да сентябрь айына қалдырылды ма?», «Не ушын сентябрь айына қалдырылды?» сыяқлы мазмундағы мүрәжатлар келип түскен.
Бул бойынша Мәмлекетлик тест орайы жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларын өткериў мүддети сентябрь айына қалдырылмағаны, имтиханларды әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық август айында өткериў жобаластырылғанын мәлим етти.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz