Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.07.2021 17:29
  • 789

14 категориядағы халық қатламы 1-ноябрьге шекем вакцина менен толық шаншылыўы шәрт етип белгиленди

14 категориядағы халық қатламы 1-ноябрьге шекем вакцина менен толық шаншылыўы шәрт етип белгиленди
Республикалық арнаўлы комиссиясының кеңейтилген жыйналысында Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитариялық врачы, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығы Баҳодир Юсупалиевтиң «Өзбекстан Республикасы халқы арасында коронавирус инфекциясының тарқалып кетиўиниң алдын алыў бойынша илажларды буннан былай да күшейтиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгени мәлим етилди.

Қарарға муўапық:

2021-жыл 1-сентябрьге шекем 18 жастан үлкен болған төмендеги категория ямаса топардағы халық қатламы коронавирус инфекциясына қарсы 1-доза вакциналары;

1-октябрьге шекем 2-доза вакциналары;

1-ноябрьге шекем 3-доза вакциналары менен ғалабалық түрде шаншылыўы (саламатлығы бойынша қарсы көрсетпе болған жағдайлар буған кирмейди) шәртлиги белгиленди.

Олар төмендегилер:

- халық пенен байланысқа кирисетуғын барлық түрдеги хызмет көрсетиў объектлериниң (мәмлекетлик хызметлер орайлары, почта бөлимлери, банклер, лизинг шөлкемлери, нотариуслар, қамсызландырыў компаниялары, гөззаллық салонлары, шаштәрезханалар ҳәм басқалардың) хызметкерлери;

- барлық түрдеги саўда объектлериниң (азық-аўқат, хожалық товарлары, кийим-кеншек дүканлары, дәриханалардың ҳәм басқалардың) хызметкерлери;

- спорт мектеплериниң және спорт объектлериниң хызметкерлери;

- мәдений және кеўилашар объектлердиң ҳәм дем алыў орынларының хызметкерлери;

- мийманханалар, үй мийманханалары, хостеллер, отельлер, жатақханалар ҳәм кемпинглердиң жумысшы-хызметкерлери;

- жолаўшы тасыў менен шуғылланатуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң хызметкерлери;

- мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери;

- әскерий хызметкерлер;

- улыўмалық аўқатланыў кәрханалары, соның ишинде, жәмийетлик орынларда жайласқан жедел аўқатланыў шақапшалары, чайхана, тойхана, кафе ҳәм ресторанлардың хызметкерлери, сондай-ақ, өнимлерди жеткерип бериў менен шуғылланыўшылар;

- барлық түрдеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина ҳәм медициналық-социаллық объектлердиң хызметкерлери;

- коммуналлық хызмет тараўы хызметкерлери;

- байланыс ҳәм телекоммуникациялық объектлердиң хызметкерлери;

- мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының хызметкерлери;

- ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған