Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары басланған еди. Бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар бойынша Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспасөз хаткери Парахат Ажимуратов Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўышысына мағлыўмат берди.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февраль күнги 5006-санлы қарары тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ҳәм жерден пайдаланыўшыларды мәмлекетлик дизимнен өткериў белгиленген.
Усы қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында Жәҳән банки қатнасыўындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр системасын дизимге алыў системасын модернизациялаў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған мәлимлеме системасы арқалы аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары даўам етпекте.
Ендигиден былай фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалық кәрханалары пайдаланыўындағы жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир платформада жыйналады. Бунда егислик жер майданларының улыўма көлеми, жер түрлери ҳәм пайдаланыў мақсети, соның менен бирге, ҳуқықый статусы ҳәм басқа мағлыўматлар координаталар тийкарында электрон карталарда сәўлеленеди.
Аўыл хожалығы жерлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша: 2021-жыл басынан бүгинги күнге шекем Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 6 281 аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыўшылардың жер майданлары ҳаққындағы мағлыўмат бирден-бир платформаға жыйналып, соннан 5 681 аўыл хожалығы жерлеринен пайдалыныўшылардың жер майданлары мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын төлем базалық есаплаў муғдарының 2,5 есеси, яғный 612 500 сум етип белгиленген ҳәм бул төлем банк арқалы әмелге асырылады.
Керекли ҳүжжетлер:Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын Кадастр агентлигиниң район ҳәм қалалық бөлимлерине арза менен мүрәжат етиледи. Арзаға қосымша, қала ҳәм район ҳәкиминиң қарары нусқасы, ижара шәртнамасы, Жер участкасының жайласыў картасы қосып бериледи.
Фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалық кәрханалары пайдаланыўындағы жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен соң арза бериўшиге, мәмлекетлик дизимнен өткенлигин тастыйықлаўшы QR-код түсирилген мәмлекетлик реестрдан көширме бериледи.
Буннан соң фермер хожалағы, жерден пайдаланыўшы хожалықлар юридикалық жақтан тән алынады.
Жер майданларын дизимнен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпеў:«Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 681-статьясында «Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асырыўшы органға жер участкасына болған ҳуқықты дизимнен өткериў ушын ўақтында мүрәжат етпеў – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бир есесинен үш есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса үш есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады», - деп көрсетилген.
Бул бағдарда Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы кала ҳәм районлық бөлимлери инспекторлары тәрепинен усы күнге шекем Қарақалпақстан бойынша 2 632 жағдайда 650 942 000 сум муғдарында жәрийма қолланылған. Соннан 301 904 314 сум өндирилди.
Соның менен бирге, жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткермеген пуқараларға тийисли тәртипте протокол рәсмийлестирилип, жәриймаларын өз ўақтында төлеўи ушын qr.kadastr атынан қарақалпақ тилинде SMS-хабарнама жибериў жолға койылған еди. Бул әмелият енди аўыл хожалығы жерлеринен падаланыўшыларға да қолланылыўы жолға қойылған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz