Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2021 15:54
  • 868

«Тонировка» бойынша жаңа қарар қабыл етилди

«Тонировка» бойынша жаңа қарар қабыл етилди
«Реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы автотранспорт қуралларынан пайдаланыў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Қарар тийкарында, 2021-жыл 1-октябрьден баслап автотранспортлар айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызмет тек ғана Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы көрсетиледи.

Қарар менен тастыйықланған ҳәкимшилик регламентке муўапық, автотранспортлар айналарының реңин өзгертиў (қарайтыў) жумыслары автотранспорт қуралының ийеси тәрепинен еркин түрде әмелге асырылады.

Автотранспорттың артқы айнасының реңин жақтылық өткериўшеңлиги шекленбеген дәрежеде өзгертиў (қарайтыў), сондай-ақ, алдынғы айнасының жоқарғы бөлегиниң реңин 14 сантиметрдер көп болмаған полоса тәризинде жақтылық өткериўшеңлиги шекленбеген дәрежеде өзгертиў (қарайтыў) ушын рухсатнама талап етилмейди.

Рухсатнама 1 жыл мүддетке бериледи.

Арза бериўши тәрепинен рухсатнама ушын төлем 10 күн мүддетте әмелге асырылады.

Рухсатнама алдын берилген рухсатнаманың әмел етиў мүддетине шекем қайта рәсмийлестириледи.

Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы рухсатнаманы қайта рәсмийлестириў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетилгени ушын төлем өндирилмейди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында