Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.08.2021 13:22
  • 1456

«Тереклер тийкарсыз кесилмеген»: Экокомитет Нөкис қаласы орайындағы тереклердиң кесилиўи менен байланыслы жағдайға мүнәсибет билдирди

«Тереклер тийкарсыз кесилмеген»: Экокомитет Нөкис қаласы орайындағы тереклердиң кесилиўи менен байланыслы жағдайға мүнәсибет билдирди
Хабарыңыз бар, сайтымыз арқалы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ағзасы Ғайратдин Сейтековтың Нөкис қаласы орайындағы И.Кәримов гүзарында бирнеше тереклердиң нызамсыз түрде кесилгени ҳаққындағы хабарын жәриялаған едик.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Ғайратдин Сейтековтың Ана-тәбиятымызды қорғаўға болған итибарын жоқары ҳүрметлей отырып, ҳәзиргидей экологиялық қыйын жағдайда қоршаған орталығымыздың тазалығын сақлаў, әтирапымызда жасылландырыў, халқымыздың экологиялық мәдениятын жетилистириў мәселелери тек тийисли тараў ўәкиллериниң емес, ал усы топырақта жасап атырған ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екени бүгинги күнде талап дәрежесине кɵтерилип атырғанын атап өтти.

«Деген менен, заманласымыз усы орында сәл асығыслық етип, мәселениң тек бир тәрепине итибар бергени, тереклердиң кесилиў себеплерин толық үйренип шықпағаны мәлим болды. Себеби, сɵз етилип отырған тереклерди кесиў бойынша буннан бир ай алдын, яғный 2021-жылдың 17-июль сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 17-санлы мәжилис баяны қабыл етилген.

Бизиң бул пикиримизди «Қарақалпақжолкɵклем» унитар кәрханасы да ɵзиниң Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине усы жылдың 12-август сәнесинде жоллаған (01/137-санлы) хаты менен дәлиллейди.

Атап айтқанда, мәжилис баяны менен Нɵкис қаласы аймағындағы орайлық майданлар ҳәм ишки кɵше бойларына егилген декоратив тереклердиң ҳалаты бойынша арнаўлы жумысшы топардың үйрениў жуўмақларына тийкар, биз сɵз етип отырған И.Кәримов гүзары бойындағы тереклерде ҳәдден тыс зыянкеслердиң кɵбейип кеткенлиги анықланған.

Кɵринип турғанындай, бул жерде ҳеш қандай нызамсыз ҳәрекет жоқ. Мақсет тереклердиң зыянкеслер зыянлаған бɵлеклерин кесип таслаў ҳәм оның қалған бɵлеклерин және басқа да пүтин тереклерди зыянкеслерден сақлаўдан ибарат.

Жуўмақ орнында: тереклер тийкарсыз кесилмеген», - деп жазбақта ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...