Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.08.2021 15:24
  • 791

Министрлик жоқары оқыў орынларында жаңа оқыў жылы дәстүрий тәризде басланыўы ҳаққындағы хабарларға мүнәсибет билдирди

Министрлик жоқары оқыў орынларында жаңа оқыў жылы дәстүрий тәризде басланыўы ҳаққындағы хабарларға мүнәсибет билдирди
Социаллық тармақларда жоқары оқыў орынларында жаңа оқыў жылы дәстүрий (офлайн) тәризде басланыўы ҳаққындағы хабарлар тарқалған еди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги усы хабарларға рәсмий мүнәсибет билдирип, ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен жоқары оқыў орынларының пандемия шараятында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда оқыў процесин дәстүрий (офлайн) тәризде шөлкемлестириў бойынша таярлық жағдайы үйренилип атырғанын мәлим етти.

«Үйрениўлер нәтийжесине муўапық, тийисли мағлыўматлар Министрлер Кабинетине усынылады. Жоқары оқыў орынларында оқыў процесин шөлкемлестириў бойынша жуўмақлаўшы шешим тастыйықланғаннан соң, министрликтиң сайты ҳәм социаллық тармақлардағы каналлары арқалы рәсмий тәризде жәрияланады», - деп жазбақта министрлик.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.