Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.12.2017 20:55
  • 2003

Ақылый жақтан раўажланыўы төмен балаларға жаңа жыл байрам кешеси шөлкемлестирилди



Бүгин, яғный 12-декабрь күни Өзбекистан арнаўлы олимпиада спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен ақылый жақтан раўажланыўы төмен балаларға жаңа жыл байрамы шөлкемлестирилди. Бул байрам кешеси Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында болып өтти. Онда 250 ден аслам балалар қатнасты.



Байрамға мийман сыпатында келген Аяз ата ҳәм қар қызы тәрепинен ҳәр түрли ойынлар шөлкемлестирилип, балаларға саўғалар берди.



Өзбекистан арнаўлы олимпиада спорт жәмийетлик бирлеспеси ҚР бөлиминиң баслығы Гүлшат Турсымуратова: «Бизиң шөлкемимиз ақылы зайып балалар менен турақлы түрде ислесип барады. Оларға тез-тезден усындай тамашалар, ойынлар шөлкемлестирип турамыз. Оларды жәмийетке араластырыўға, олардың сана-сезиминиң жетилисиўине үлес қосыўға ҳәрекет етип атырмыз», - деди биз бенен сәўбетте.





Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында