Telegram karinform

Сиясат

  • 24.08.2021 09:59
  • 845

Қарақалпақстандағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти

Қарақалпақстандағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти
Усы жылдың 20-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев мәмлекетимиз исбилерменлери менен ашық саўбетлесиў өткерип, елимизде исбилерменликти буннан былайда раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм режелерге тоқталып өткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икрамов басшылығында елимиз исбилерменлери менен ушырасыў өткерилди. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қала ҳәм районларда шөлкемлестирилген студияларда өткерилген ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Саўда-санаат палатасы ўәкиллери, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм ҳәкимликлер, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм коммерциялық банклер баслықлары, исбилерменлер қатнасты.
Қарақалпақстандағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти
Ушырасыўды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ашты.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз ушырасыўда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, системалы машқалаларды сапластырыў илажларын додалап, исбилерменлердиң усынысларын, олардың мүрәжат ҳәм машқалаларын тыңлады. Елимизде исбилерменликти жәнеде раўажландырыў бойынша бир қатар реже ҳәм ўазыйпаларды белгилеп берди.

Ең әҳмийетли машқалаларды системаластырып, оларды шешиўге қаратылған 7 әхмийетли бағдар бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылғаны, бул бойынша бир қатар имканиятлар, қолайлықлар жаратылыўы атап өтилгени исбилерменлердиң ертеңги күнине болған исенимин жәнеде арттырды.

Әсиресе, Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын шараятлар жаратыў бойынша усыныс ҳәм басламасы исбилерменлерди жәнеде руўхландырып жиберди.
Қарақалпақстандағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти
Ушырасыўды Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икрамов алып барды.

Онда Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў ушын белгилеп берилген жөнелислер бойынша имканиятларын иске салып, өз исбилерменлигин раўажландырыўды нийет еткен бир қатар исбилерменлеримиз сөзге шығып, өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған