«Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият, көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы бойынша төмендегилер сыйлықланды:
«Өзбекстан Республикасы халық жазыўшысы» ҳүрметли атағы мененКәримов Кеңес Айтмуратович – Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы;
«Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атағы мененПиязов Жеңисбек Бүркитович – Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен артист, опера қосықшысы;
«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы мененНызанов Муратбай – Қарақалпақстан Республикасы «Билим» баспасының директоры, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы;
«Фидокорона хизматлари учун» ордени мененАяпов Шарапатдин – Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлими жетекши қәнигеси;
«Дўстлик» ордени мененЖуманиязова Гүлсара Қаражановна – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялы музыкалық театрының вокал артисти;
Өтамбетов Оралбай Нәжиматдинович – Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, бақсы;
Пахратдинов Әжинияз Шарапатдинович – Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң көркемлик жақтан басшысы;
Цецура Галина Афанасьевна – Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң баслаўыш класс муғаллими;
II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени мененБекбосынова Пердегүл Кеўлимжаевна – Қараөзек районлық медициналық бирлеспесиниң қыстаўлы медициналық жәрдем бөлими балалар шыпакери;
Казаков Аллаяр Раджапович – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы кафедрасы доценти;
«Соғлом турмуш» медалы мененБаймуратова Жәмила Абдижәлиевна – Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң баскетбол бойынша тренери;
Балтабаев Расул Тухтабаевич – Елликқала районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң самбо гүреси бойынша тренери;
«Келажак бунёдкори» медалы мененАяпов Саламат Бахиевич – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң көркем өнер кафедрасы баслығы;
«Шуҳрат» медалы мененИшчанов Шерзоджон Шавкатович – Төрткүл районлық мәденият бөлиминиң «Мақом» халық жәмәәти аккомпаниаторы;
Сырымбетов Бақберген Жақсылыкович – Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, жыраў;
Хожасов Махсет Мәмбетниязович – «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң сазендеси.
Karinform.uzСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz