Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2021 10:59
  • 1078

«Супер контракт»тиң баҳасы қалай есапланады?

«Супер контракт»тиң баҳасы қалай есапланады?
Жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест нәтийжелери жәрияланғаннан соң абитуриентлер тәрепинен қосымша контракт (халықтың тилинде «супер контракт») бойынша көплеген сораўлар берилмекте. Биз өткен жыллардағы әмелиятта топланған тәжирийбелерге тийкарланып, «супер контракт»ти есаплаў бойынша азлы-кем түсиник бериўге ҳәрекет еттик.

Қосымша төлемли контракт муғдары әмелде орнатылған төлемли контракт муғдарына салыстырмалы төмендеги муғдарларда белгиленеди:

1-категория
Кириў сызығына 4 балл жетпегенлер салыстырмалы бирқанша арзан контракт төлейди. Яғный:

1 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 1,5 есе;
1,1 баллдан 2 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 2 есе;
2,1 баллдан 3 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 2,5 есе;
3,1 баллдан 4 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 3 есе.

2-категория
56,7 баллдан көп топлаған, бирақ кириў сызығына 4 баллдан көбирек жетпей қалған абитуриентлер контракт суммасының 10 есесинен көбирек муғдарда төлейди.

Быйылғы жылы 2-категория ушын баҳалар еле тастыйықланбады. Сондай-ақ, өткен жылдан берли супер контракт баҳаларын жоқары оқыў орынларының өзлери белгилеўи жолға қойылған.

3-категория
56,7 баллдан аз топлағанлар (мәселен, 1 балл болса да) 2-категориядағы супер контракт муғдарының 2 есесин төлеп оқыўы мүмкин. Мәселен, әпиўайы супер контракт 15 есе болса, 56,7 баллдан аз топлағанлар 30 есесин төлеп, супер контрактта оқыўы мүмкин.

Қосымша контракт бир мәрте төленеди. Биринши оқыў жылын питкергеннен соң кейинги жылларда ҳәмме қатары әпиўайы контрактти төлеп оқый береди.

Еслетип өтиў орынлы, өткен жылдағы әмелиятта абитуриент өзи сайлаған биринши бағдарға кире алмаған, бирақ 2-, 3-, 4- ямаса 5-бағдарлардың бирине оқыўға кирген болса, онда өз қәлеўи менен биринши сайлаған бағдарында супер контрактта оқыўына рухсат берилген еди.

Сондай-ақ, сайлаған бес бағдарға да оқыўға кире алмаған абитуриентлер қәлеген бес бағдардың бирин сайлап, супер контрактте оқыўына рухсат берилген еди.

Және бир мәрте еслетип өтемиз, бул өткен жылларда топланған тәжирийбелерден келип шығып таярланған материал. Быйылғы жылы «супер контракт» бойынша қандай өзгерислер болыўын биз анық билмеймиз. Солай екен, рәсмий дәреклерди бақлаўды даўам етемиз.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған