Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2021 11:42
  • 616

Төлемли контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин ажыратыў тәртиби ҳаққында

Төлемли контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин ажыратыў тәртиби ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде төлемли контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин ажыратыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы 527-санлы қарары тийкарында Қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры есабынан жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Усы режеге муўапық, тәлим кредитлери жоқары оқыў орынларының күндизги тәлим бағдарларында бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген, сондай-ақ, оқыўын көширген Өзбекстан пуқарасы болған студентлерге бериледи.

Бунда кредит алыўшының турақлы дәрамат дәрегине ийе шаңарақ ағзалары (ата-анасы, аға-иниси, апа-қарындасы (сиңлиси), күйеўи ямаса ҳаялы) ямаса қайырқомлары биргеликте кредит алыўшы сыпатында қатнасыўы мүмкин.

Тәлим кредитиниң тийкарғы қарызы студенттиң рәсмий оқыў мүддети жуўмақланғаннан соң жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.

Тәлим кредитин алыў ушын Қаржы министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланған коммерциялық банклерге төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

- арза;
- төлемли контракт шәртнамасы ҳәм оған қосымша етилетуғын есап бети/факутурасы (егер болса). Шәртнамада оқыўды жуўмақлаўдың белгиленген мүддети ҳәм бир жыл ушын төлем муғдары көрсетилген болыўы керек;
- тәлим кредити қайтарылыўының тәмийнаты бойынша ҳүжжет. Бунда «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын тәлим кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди;
- «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилгенин тастыйықлаўшы мағлыўматнама («Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген шаңарақлардың перзентлери ушын);
- банктиң ишки ҳүжжетлеринде (сиясатында) белгиленген басқа ҳүжжетлер, соның ишинде, биргеликте кредит алыўшыға тийисли мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер.

Ҳүжжетлер 5 жумыс күнинде көрип шығылады.

Тәлим кредити шәртнамасы төлемли контракт шәртнамасында көрсетилген бир жыллық төлем суммасына тең муғдардағы суммаға дүзиледи.

Тәлим кредити кредит алыўшыға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы муғдарында ажыратылады.

Бунда Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлетилген жағдайда, тәлим кредити бойынша процентлик ставкасы сәйкес түрде төменлейди, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы көтерилген жағдайда болса, тәлим кредити бойынша процентлик ставкасы өзгериссиз қалады.

Бул тәртип:
- сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған адамларға;
- коммерциялық банклер тәрепинен Қор қаржыларынан тысқары басқа дәреклер есабынан берилетуғын тәлим кредитлерине енгизилмейди.

Усы орында қосымша етиў орынлы, еселенген төлемли контрактти («супер контракт») ҳәм оның минимал муғдарына тең болған бир мәртелик басқа төлемлерди әмелге асырыў ушын тәлим кредити ажыратылмайды.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...