Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2021 15:00
  • 687

Жоқары оқыў орны ишинде ямаса бир аймақ көлеминде оқыўын көширген студентлер «супер контракт» төлей ме? Министрлик ўәкили жуўап берди

Жоқары оқыў орны ишинде ямаса бир аймақ көлеминде оқыўын көширген студентлер «супер контракт» төлей ме? Министрлик ўәкили жуўап берди
Бир жоқары оқыў орны ишинде бир бағдардан екинши бағдарға ямаса бир аймақтағы жоқары орны бойынша оқыўын көширген студентлер базалық төлемли контрактти төлейди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқарма баслығы Абдували Холиқов мәлим етти, деп жазбақта «Kun.uz».

«2021-2022-оқыў жылында жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы президент қарарында бир жоқары оқыў орны ишинде («ишки перевод») ямаса бир аймақ көлеминде көшириў ҳаққында ҳеш нәрсе делинбеген. Демек, бул процесслер Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық алып барылыўы керек, деген пикирлер бар. Усы қарарда «супер контракт» бойынша гәп болмағаны ушын «ишки перевод»лар базалық контракт тийкарында әмелге асырылады, деген пикирлер бар.

Буның бирден-бир тәртибин министрлик, уйымлар менен келисип, бир ҳүжжет ислеп шығыўды жобаға киргиздик. Быйылғы «ишки перевод»лар ҳәм бир аймақ көлеминде оқыўды көшириў процесслери Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық алып барылмақта. Яғный, усындай жағдайларда студент оқыўын көширгенде «супер контракт» емес, базалық контракт төлемин төлейди», - деген А.Холиқов.

Бас басқарма баслығы оқыўды көшириў бойынша және бир неше мәселелерге тоқталып өткен. Атап айтқанда, егер студент Өзбекстандағы бир аймақта жайласқан жоқары оқыў орнынан басқа аймақтағы жоқары оқыў орнына оқыўын көширмекши болса ҳәм оның сайлаған бағдарлары бир-биринен парқланса, ол еселенген контракт («супер контракт») тийкарында оқыўын көшириўи мүмкин. Бунда жоқары оқыў орны өз имканиятлары дәрежесинде еселенген контрактти усыныс етеди ямаса тиккелей бийкар етиўи мүмкин. Бағдарлар бирдей ҳәм келтирилген себеп тийкарлы болса, студенттиң оқыўы базалық контракт тийкарында көшириледи.

«Усы орында студентлерде сораў пайда болмақта: арза берген студенттиң жеке кабинетинде оқыўға көширилиўи усыныс етилди, деген арзалардың барлығы жоқары оқыў орны тәрепинен унамлы түрде көрип шығыла ма? Усыныс етилди, дегени жоқары оқыў орнында оқыў кепиллигин бермейди. Министрлик быйыл 22 мыңнан аслам арзаларды көрип шыққан болса, 20 мыңнан асламы усыныс етилди. Қалғанлары ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы бийкар етилди.

Министрлик арзаларды усыныс еткени менен оқыўын көширмекши болған студентти қабыл етиўши жоқары оқыў орнының жуўмақлаўшы қарары керек. Ҳүжжетлер керекли тәртипте жыйналғаны, талапқа жуўап бериўин жоқары оқыў орны шешеди», - деген А.Холиқов.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он