Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.09.2021 15:26
  • 759

«Тонировка» ушын рухсатнаманы арзанлаў алыў имканияты пайда болды

«Тонировка» ушын рухсатнаманы арзанлаў алыў имканияты пайда болды
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (my.gov.uz) «Автотранспорт қураллары айналарының реңин өзгертиўге рухсатнама алыў» хызмети енгизилди.

Буннан былай пуқаралар автотранспорт айналарының реңин өзгертиў ушын рухсатнаманы онлайн алып, 10 процентлик шегирмеге де ийе болады. Бул арқалы «тонировка»ның баҳасы артқы қаптал айналар ушын 135 мың сум (юридикалық тәреплер ушын 270 мың сум), алдынғы ҳәм артқы қаптал айналар ушын болса 1 миллион 300 мың сумға арзанлайды.

Хызметтиң және бир әҳмийетли тәрепи, төлем төлеп болынғаннан соң узағы менен 2 саат ишинде пуқараның Бирден-бир порталдағы жеке кабинетине электрон көринистеги QR-кодлы сертификат, яғный рухсатнама келип түседи. Оны қәлеген ўақытта жүклеп алыў мүмкин.

Транспорт басқарыўшыларға және бир қолайлы тәрепи, енди автотранспорт айнасына СТИКЕР мәжбүрий түрде жабыстырылмайды.

Сондай-ақ, айналардың реңин өзгертиўге берилген рухсатнаманы қайта рәсмийлестириў (автотранспорт қуралының мүлк ийеси, мәмлекетлик номер белгиси өзгерген жағдайда) электрон мәмлекетлик хызмет усы жылдың 1-октябрь күнинен иске түсиўи жобаластырылған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған