Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.09.2021 14:50
  • 617

Қарақалпақстан медицинасы тарийхында биринши мәрте бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы әмелге асырылды

Қарақалпақстан медицинасы тарийхында биринши мәрте бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы әмелге асырылды
Буннан төрт-бес жыл алдын бүйрек трансплантациясын мәмлекетимизде өткериў ушын шараятлар жоқ еди. Бүйрек жетиспеўшилигинен қыйналып атырған наўқаслар үлкен қаржылар есабына сырт еллерде емленип келиўге мәжбүр еди. Енди болса, буның қәжети жоқ.

О.Халмуратов атындағы РКТМО базасында Академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының маман қәнигелери хирург-трансплантологлар м.и.к. Азамат Суюмов, м.и.к. Қодиржон Махмудов, м.и.к. Зоҳиджон Маткаримов, хирург Музаффар Рустамов, анестезиолог Рахматулла Пулатов ҳәм О.Халмуратов атындағы РКТМО қәнигелери хирурглар Фархад Бабажанов, Жеңис Палымбетов, урологлар Избасқанов Расул, Мурад Ҳайтбаев, анестезиологлар Бахадыр Қартбаев, Анар Изимбетовалар қатнасында Қарақалпақстан медицинасы тарийхында биринши мәрте бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы әмелге асырылды. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Буған дейин бүйрек трансплантациясы операциясы тек ғана Ташкент қаласында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм В.Вохидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайында әмелге асырылар еди.

Операция дерлик 4 сааттан зыят даўам етти. Әмиўдәрья районы Күйик көпир аўылында жасайтуғын 23 жаслы Турсунбаев Уктамға әкеси Мамиров Даврон бир бүйрегин берди. Ең әҳмийетлиси, ҳәр екеўиниң де аўҳалы жақсы ҳәм наўқаслар медициналық стандартлар тийкарында қадағалаўға алынған.
Қарақалпақстан медицинасы тарийхында биринши мәрте бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы әмелге асырылды
— Балам 2 жылдан берли усы бүйрек жетиспеўшилиги кеселлиги менен аўырып киятыр еди. Емлеў усыллары кәр етпеген соң, операция етиў лазым болды. Бизди сарсан етпей усы өз елимизде емлеўин еситип қатты қуўандым. Журтбасшымызға, бизди емлеп атырған шыпакерлерге үлкен рахметимди айтаман, — дейди Мамиров Даврон операциядан алдынғы қысқа сәўбетте.

2017-жыл 23-октябрьде қабыл етилген «Бүйрек ҳам баўыр тоқымаларын трансплантация етиў ҳаққында»ғы ўақытша Режеге муўапық, медициналық әмелияттың табыслы орынланыўы ҳәзирге шекем тек пайтахт Ташкентте изшил тәмийинленип киятыр еди. Енди болса Қарақалпақстанда да бул процесс нәтийжели баслап жиберилди. Енди және еки наўқасқа усы түрдеги операция исленеди.

«Өзбекстан бойынша 10 мыңға жақын созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги менен кеселленген наўқаслар болса, соннан 4200 дей наўқас диализ емлеў усылын қабыл етеди. Соннан 1200 дей наўкасқа бүйрек трансплантациясы операциясын ислеў талап етиледи, – дейди хирург-трансплантолог м.и.к. Зоҳиджон Маткаримов. – Мине, бүгин Қарақалпақстанда биринши мәрте жергиликли шыпакерлер менен бирге ислесиўде бүйрек трансплантациясын нәтийжели әмелге асырдық. Биз буннан қуўанышлымыз. Себеби, бул арқалы наўқаслардың қаржылары ҳәм ўакты үнемленеди. Кейинги мақсетлеримиз усындай қурамалы операцияларды районлар көлемине де жеткериў, жергиликли шыпакерлердиң жергиликли шараятта бүйрек трансплантациясын нәтийжели әмелге асырыўына ерисиў болып табылады».
Қарақалпақстан медицинасы тарийхында биринши мәрте бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы әмелге асырылды
Санаўлы раўажланланған мәмлекетлерде ғана әмелге асырылатуғын бүйрек трансплантациясы операциясының Қарақалпақстан медицинасына кирип келиўи бүгинги күнимиздиң ең үлкен жетискенлиги ҳәм бул ҳәрбир қарақалпақстанлыны куўандырыўы тәбийғый.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге