Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.09.2021 12:58
  • 1267

«Супер контракт» бойынша шәртнамаларды онлайн рәсмийлестириў имканияты жаратылды

«Супер контракт» бойынша шәртнамаларды онлайн рәсмийлестириў имканияты жаратылды
Быйылғы оқыў жылында студентликке усыныс етилмеген, бирақ еселенген төлемли контракт («супер контракт») тийкарында оқыў нийетин билдирген абитуриентлер ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде онлайн тәризде арза жибериў және төлемли шәртнамаларды онлайн алыў имканиятын беретуғын https://t-kontrakt.edu.uz мәлимлеме системасы иске түсирилди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Бул система:

- артықша әўерегершилик ҳәм немқурайдылықтың алдын алыў;
- процесслердиң ашық-айдынлығы ҳәм әдиллигин тәмийинлеў;
- электрон арзаларды автоматластырылған түрде қәлиплестириў;
- төлемли шәртнамаларды автоматластырылған түрде рәсмийлестириў имканиятын береди.

Енди абитуриентлер жоқары оқыў орынларына әўере болып барып жүриўи шәрт емес. Система жәрдеминде олардың мағлыўматлары ҳәм топлаған балы Мәмлекетлик тест орайының базасынан тиккелей алынып, электрон көринистеги арза тийкарында электрон төлемли шәртнама автоматластырылған түрде рәсмийлестириледи.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 1-октябрь сәнеси жоқары оқыў орынларына «супер контракт» бойынша арзаларды қабыл етиўдиң ең соңғы күни етип белгиленген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай