Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-майдағы тийисли Қарарына муўапық, республикамыз қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети ушын жаңа ҳәм заманагөй маркадағы тез жәрдем автомашиналарын сатып алыў белгиленген еди.Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, көрсетилип атырған тез жәрдем сапасын жақсылаў ҳәм оны халыққа және де жақынластырыў мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Қәнигелестирилген автотранспорт кәрханасына 10 дана жаңа «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобили ажыратылған.
Бүгин усы тез жәрдем автомобиллерин ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов өз басқарыўшыларына салтанатлы тәризде тапсырды. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мәлим етилиўинше, бул автомобильлер Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районлары ҳәм Нөкис қаласы тез жәрдем бөлимлеринде өз жумысын баслайды. Сондай-ақ, кәрхана қурамында жәми 128 «Damas» маркалы автомашина хызмет көрсетип турған болса, олар басқышпа-басқыш «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобилине алмастырылып барылады. Сол арқалы, барлық районлар жаңа автомобильлер менен толық тәмийинленеди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz