Буннан былай елимизде 12 жастан үлкен болған балалар да «COVID-19»ға қарсы «Pfizer» вакцинасы менен ықтыярлы түрде шаншылыўына рухсат берилди. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.Коронавирусқа қарсы «Pfizer» вакцинасының 12-15 жастағы балаларда өткерилген клиникалық сынақларының нәтийжелери усы вакцинаның жоқары дәрежеде нәтийжелилиги ҳәм қәўипсизлигин көрсеткен.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен 12 жастан үлкен болған балаларды ҳәм жас өспиримлерди «Pfizer» вакцинасы менен шаншыў усыныс етилген.
Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитариялық врачы ҳәм миллий техникалық иммунологиялық эксперт комиссиясының қарарына муўапық, елимизде ата-аналар және қайырқомларының разылығы тийкарында, ықтыярлы түрде 12 жастан үлкен болған балаларды «Pfizer» вакцинасы менен шаншыў имканияты бар.
Демек, енди Өзбекстанда 12 жастан үлкен болған балалар шыпакер тексериўинен өткеннен соң коронавирусқа қарсы «Pfizer» вакцинасы менен шаншылыўы мүмкин.
Еслетип өтемиз, усы жылдың 13-сентябрь күни Өзбекстанға 1 200 000 доза «Pfizer/BioNTech» вакцинасы алып келинген.
Ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстанда улыўма 19 969 345 доза вакцинадан пайдаланылған болып, толық шаншылған пуқаралар 4 283 645 адамды қурамақта.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz