Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.10.2021 13:09
  • 611

Екинши ҳәм оннан кейинги қәнигеликте оқыў тәртиби белгиленди. Қандай өзгерислер бар?

Екинши ҳәм оннан кейинги қәнигеликте оқыў тәртиби белгиленди. Қандай өзгерислер бар?
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-сентябрьдеги 606-санлы қарарына муўапық, Жоқары билимлендириў мәкемелеринде екинши ҳәм оннан кейинги билимлендириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муўапық, жоқары мағлыўматқа ийе болған бакалавр (дипломлы қәниге) дәрежесине ийе адамлар бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билимди алыўы мүмкин.

Екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билимлендириў бойынша қабыллаў параметрлери жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленеди.

Оқыўға кириў ушын абитуриентлер ҳәр жылы 10-июльдан 10-августқа шекем (сол күни де) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен ислеп шығылған арнаўлы электрон система арқалы онлайн тәризде ҳүжжет тапсырады.

Усы жерде жаңалық сыпатында атап өтилетуғын тәрепи, мәмлекетлик грант тийкарында оқығанлар дипломның көширмеси менен де ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта әмелдеги режеге муўапық, ҳүжжет тапсырғанда тек ғана дипломның түп нусқасы талап етилетуғын, буның ақыбетинде болса мәмлекетлик грантта оқығанлар арадан 3 жыл өтемен дегенше екинши қәнигеликке ҳүжжет тапсыра алмайтуғын еди.

Қабыллаў тәртиби (кириў имтиханының формасы, баҳалаў критериялары, имтихан өткериў мүддетлери) ҳәр жылы 1-июльға шекем жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Қабыллаў нәтийжелери ҳәр жылы 30-августқа шекем жоқары оқыў орынлары тәрепинен жәрияланады.

Екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билимлендириўде оқыў 2-курстан басланады. Бунда оқыўдың даўамлылығы тийисли бакалавриат тәлим бағдарлары ушын белгиленген мүддеттен бир жылға кем етип белгиленеди.

Реже жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине енгизилмейди.

Бул тәртип 2022-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он