Қарақалпақстан аймағында биринши автомобиль 1927-жылы «Шымбай – Қызыл-Орда» жолының қурылысы дәўиринде пайда болды. Бул қумлы, таўлы-таслы жерлерге арнап Францияда шығарылған «Рено-Сахара» автомобили еди. Көп узамай 581 шақырымлық «Қызыл-Орда – Шымбай» жөнелисинде 8 автобус пайдаланыўға берилген.Усылай етип, Қарақалпақстанда автотранспорт хызмети жолға қойылған. 1935-жылы республикамызда аралас, автоарба трести дүзилген, ал 1937-жылдан «Қарақалпақтранс» басқармасы дүзилген.
Урыстан алдынғы жыллары автотранспорт жумыслары жетилистирилди. 1940-жылы Қарақалпақстанда 25 ведомствоға тийисли 125 автохожалық болды ҳәм оның 25% и «Қарақалпақтранс»қа тийисли болған. Урыстың басланыўы менен автотранспорттың жүк айланысы 3,5 есеге қысқарған. Жолаўшылар тасыў көлеми оннанда көбирек төменлеген.
Урыстан соңғы дәўирде Қарақалпақстанда автотранспорт жумысларын жетилистириў бойынша үлкен илажлар комплекси әмелге асырылған. Автотранспорт толықтырылып, материаллық-техникалық база беккемленген, жүк ҳәм жолаўшы тасыўдың алдынғы усыллары енгизилип, ески автохожалықлар ирилендирилген ҳәм жаңа автокәрханалар шөлкемлестирилген.
1988-жылы улыўма пайдаланатуғын автотранспорт шөлкемлери тарийхында және бир елеўли ўақыя болып, «Қарақалпақстан автотрести»не бурынғы «Қарақалпақтранс» аты қайта берилген.
1990-жылдың биринши шерегинде оның қурамындағы автомобильлердиң саны 3327 данаға жеткен, бул транспорт қураллары 19 автокәрханаға бирлескен.
Солай етип, транспорт хызметинен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў, халық хожалығына, жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиў, транспорт тараўын пайдалы тараўға айландырыў жолында «Қарақалпақтранс» өзиниң қайта шөлкемлескен биринши күнинен баслап-ақ бир қатар илажлар қабыл еткен ҳәм оны избе-из әмелге асырып барған.
Қарақалпақстан автотранспорты жылнамасынан (1990-жылға шекем)1927-жыл июль-август – Қарақалпақстанға биринши автомобильлердиң келиўи. «Шымбай – Қызыл-Орда» автобус байланысының ашылыўы.
1932-жыл октябрь-ноябрь – Шорахандағы атлы әскерлер казармасында биринши шофёрлар таярлаў курсының ашылыўы.
1935-жыл ноябрь-декабрь – Қарақалпақстан «Автогуж» трестиниң ашылыўы.
1937-жыл июль – «Қарақалпақтранс»тың шөлкемлесиўи.
1938-жыл – Қарақалпақстан АССР Халық Комиссариаты жанындағы Автотранспорт басқармасының дүзилиўи.
1941-жыл февраль – Автотранспорт басқармасынан Суў транспорты басқармасының бөлинип шығыўы.
1952-жыл май-июнь – Қарақалпақстанда дәслепки шақырым асфальт жоллардың пайда болыўы.
1953-жыл июль – Қарақалпақстан жол ҳәм транспорт хожалығы министрлигиниң дүзилиўи.
1953-жыл октябрь – Қарақалпақстан жол ҳәм транспорт хожалығы министрлигиниң ҚҚАССР автомобиль ҳәм тас жоллар министрлиги болып қайта дүзилиўи.
1955-жыл декабрь – ҚҚАССР автомобиль ҳәм тас жоллар министрлиги қурамында Автомобиль трестиниң дүзилиўи.
1957-жыл январь – Автотрест тарқатылып, басқарыўдың министрликке берилиўи.
1963-жыл – Министрлик қурамында қайтадан Орайластырылған автомобиль жүк тасыў трестиниң шөлкемлестирилиўи.
1988-жыл – Автотресттиң қайтадан «Қарақалпақтранс» өндирислик бирлеспеси болып дүзилиўи.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фондынан таярланды. «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 1992-жыл.
Мағлыўматлар ҚР Архив иси басқармасынан алынды.
Karinform.uzСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz