Telegram karinform

Мәденият

  • 21.10.2021 20:27
  • 876

НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды

НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
Усы жылдың 20-21-октябрь күнлери Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жанындағы Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайжан мәденияты орайының басламасы менен Нөкис қаласында Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлери өткерилди.

Бүгин, 21-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Әзербайжан Республикасы Миллий Мажлиси жанындағы мәденият комитетиниң баслығы, депутат Ганира Пашаева, Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жанындағы Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайжан мәденияты орайының директоры Самир Аббасов басшылығындағы делегация ўәкиллери, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев, институт ректоры Б.Отемуратов қатнасыўында институтта Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
Орайда Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери арасындағы дослық байланыслары, әдебият, мәденият, көркем өнер, тарийх бағдарларында еки мәмлекеттиң қарым-қатнасықлары, соның менен бирге, туўысқан әзербайжан халқының миллий кийим-кеншеклери, көркем өнер үлгилери, әдебий китапларынан ибарат көргизбелер, пайдалы дәреклер орын алған.

Илаж шеңберинде делегация ағзалары институт ректоры Б.Отемуратовтың қабыллаўында болып, Әзербайжан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиў, әсиресе, академиялық мобильлик, илимий-педагогикалық бағдарларда нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Әзербайжан делегациясы қарақалпақ әдебияты, көркем өнери, мәденияты ҳәм тарийхына байланыслы көплеген шығармалар, әсиресе, Әжинияз, Бердақ, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың шығармалары, қарақалпақ халық дәстанларын, фольклорлық дөретпелерин жақсы билетуғынлығын, усы бағдар бойынша еки тәреплеме илимий жумысларды алып барыў ушын өз усынысларын билдирди.

Илаж соңында институттың қәбилетли студент жаслары ҳәм Әзербайжан Республикасынан келген көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы шөлкемлестирилип, онда қарақалпақ, өзбек ҳәм әзербайжан халықларының дослығы жырланған миллий қосықлар, аяқ-ойынлары атқарылды.
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды
НМПИде Ҳусайн Жовид атындағы Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты орайы ашылды

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

НМПИ илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры тайынланды

НМПИ илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры тайынланды

    Бабаниязова Наргиза Полатовна – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

    Қарақалпақтың туңғыш академиги, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым Марат Көптилеўович Нурмухаммедов 1930-жыл 6-январьда Төрткүлде