Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.10.2021 14:59
  • 484

Сайлаў күни коронавирусқа қарсы қандай илажлар көриледи?

Сайлаў күни коронавирусқа қарсы қандай илажлар көриледи?
Ертең – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы күни. Ҳәзирги ўақытта усы әҳмийетли сиясий процесске ең соңғы таярлық жумыслары жуўмақланбақта.

Бирақ, көпшиликти бир сораў ойландырмақта: хош, елимизде даўам етип атырған пандемия шараятында болып өтетуғын сайлаў процесслери даўамында коронавирус кеселлигиниң тарқалып кетиўине, ҳәўиж алыўына қарсы қандай илажлар белгиленген?

Орайлық сайлаў комиссиясының баспасөз орайында болып өткен баспасөз конференциясында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығы, бас мәмлекетлик санитариялық врачы Б.Юсупалиев бул бойынша мағлыўмат берди.

Оның атап өтиўинше, «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде коронавирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўы қәўпиниң алдын алыў ҳаққында»ғы инструкция ислеп шығылған ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарары менен тастыйықланған.

Алты бап, 39 бәнттен ибарат болған усы инструкцияда сайлаўшылар тәрепинен коронавирус инфекциясы жуғыўының алдын алыўға бағдарланған және халықтың турмыс тәризиниң ажыралмас бөлегине айланып үлгерген тийкарғы қағыйдаларға әмел етилиўи белгилеп қойылған.

Атап айтқанда, сайлаў ушын ажыратылған имаратқа келгенлер ҳәм бақлаўшылар, сондай-ақ, барлық қатнасыўшылар нықап тағыў қағыйдасына қатаң түрде әмел етиўи ушын жетерли муғдарда медициналық нықаплар резерви жаратылды.

Имаратлардың кириў бөлегинде ҳәм даўыс бериў бөлмесинде социаллық аралықты сақлаў ушын 1,5-2 метрлик аралық белгиленди және ҳәрекетлениў бағдарын көрсетиўши сызықлар сызылды.

Қорғаў ҳәм профилактикалық илажларды әмелге асырыўда температураны өлшеў ушын термометр, пирометрлер, бир мәртелик медициналық қолғап, жүз нықаплары (сайлаў комиссиясы ағзалары ушын), антисептикалық суйықлық (санитайзер) үскенелери сайлаў участкаларына жеткерип берилди.

Округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларға кеминде бир адамнан медицина хызметкери бириктирилди ҳәм олар тәрепинен сайлаў комиссиялары имаратларының кириў бөлегинде келиўшилердиң дене температурасын өлшеў, антисептикалық затлар менен қолларын дезинфекциялаў ҳәм зәрүрликке қарай қорғаў нықабын бериў жумыслары шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, сайлаў ушын ажыратылған имаратларда самаллатыў ҳәм сайлаў күнинен алдынғы дезинфекция илажлары өткерилди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

    Биз ҳәр күни услайтуғын ең бактериялы буйым - бул мобиль телефонымыз. Он жыл алдын алымлар