Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.10.2021 17:45
  • 620

Дене температурасы жоқары болғанлар ушын өз алдына сайлаў қутылары ҳәм кабиналар шөлкемлестириледи

Дене температурасы жоқары болғанлар ушын өз алдына сайлаў қутылары ҳәм кабиналар шөлкемлестириледи
Орайлық сайлаў комиссиясының баспасөз орайында болып өткен баспасөз конференциясында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети баслығы, бас мәмлекетлик санитариялық врачы Б.Юсупалиев бул бойынша мағлыўмат берди.

Сайлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшылары арасында дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болғанлар анықланған жағдайда, олар даўыс бериў бөлмесине киргизилместен даўыс бериўи ушын өз алдына ажыратылған жерлерде көшпели сайлаў қутылары ҳәм кабиналар шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болғанлар және кеселлик белгилери анықланғанлар ушын өз алдына изолятор бөлмелери және сайлаў имаратларында медициналық бөлмелер шөлкемлестирилди. Олар зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық қураллар менен толық тәмийинленди.

Сондай-ақ, жасырын даўыс бериў кабиналарына перде илдирмеў, сайлаўшы ҳәм сайлаў комиссиясы ағзасы арасындағы тиккелей (контакт) байланысты кемейтиў илажлары көрилди.

Өз гезегинде, коронавирус инфекциясынан үй шараятында емленип атырған сайлаўшының турған (жасаў) орнында даўыс бериўи ушын участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўшы ушын өз алдына целлофан пакетке салынған медициналық нықап, медициналық қолғап, сайлаў бюллетени топламы таярланды.

Емлеўханалардағы сайлаў участкаларына болса «жабық сайлаў участкасы» статусы берилди. Ғәрезсиз жүриў имканияты болған наўқаслар ушын емлеўхана аймағында арнаўлы таярланған бөлмеде даўыс бериўи шөлкемлестириледи, жатақ режиминдеги наўқаслар ушын арнаўлы мобиль сайлаў қутылары шөлкемлестирилди.

Инструкцияда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде июнь айында емлеў профилактикалық мәкемелердиң улыўма 432 хызметкери усы инструкцияда белгиленген көрсетпелерди дурыс шөлкемлестириў бойынша оқытылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткерилетуғын сайлаў участкаларында карантин талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў ушын улыўма 21 мыңнан аслам медицина хызметкери бириктирилди.

Орайлық сайлаў комиссиясы менен биргеликте сайлаў процесслеринде карантин қағыйдаларына әмел етиў бойынша анимациялық роликлер сайлаў алды процесслеринде ғалаба хабар қураллары арқалы алып көрсетилиўи ушын таярланды ҳәм көрсетип барылмақта.

Сайлаў комиссиясы ағзаларының «COVID-19» бенен наўқасланып, саўалғанына қысқа ўақыт болған ямаса шаншыўға қарсы көрсетпелери болғанларынан тысқары барлығы коронавирус инфекциясына қарсы толық шаншылды.

Ҳәзирги ўақытта Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети тәрепинен системалы және орайласқан ҳалда ҳәр бир сайлаў участкасында зыянсызландырыў (дезинфекция) жумыслары өткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында