Telegram karinform

Сиясат

  • 24.10.2021 13:12
  • 666

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов сайлаўда даўыс берди

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов сайлаўда даўыс берди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов сектор басшылары менен биргеликте Нөкис қаласы «Сарбиназ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Транспорт техникумында жайласқан 20-санлы сайлаў участкасында даўыс берди, - деп хабар бермекте Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов сайлаўда даўыс берди
Бул сайлаў участкасында 2 мың 219 сайлаўшы дизимге алынған болса, усы ўақытқа шекем 1 мың 100 сайлаўшы даўыс берди. Соннан 21 сайлаўшы биринши мәрте даўыс бермекте. Аймақтан 26 сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс берген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Камалов елимиздиң буннан былай да раўажланыўы, халқымыздың абандан турмысы ушын даўыс берди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов сайлаўда даўыс берди
Қарақалпақстан Республикасында 656 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда 8 мың 386 мың ағза тастыйықланды.

Республикамыздың қала ҳәм районларындағы сайлаў участкаларында даўыс бериў процеси көтериңкилик жағдайында даўам етпекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

    Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.    Волгоград

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы