Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.10.2021 17:35
  • 2064

Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи жәрияланды

Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи жәрияланды

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-июльдағы ПҚ-5172-санлы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти гранты енгизилген еди.

Усы қарарға муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги тәлим бағдарларына кириў имтиханлары нәтийжелерине муўапық, билимлендириў тараўлары кесиминде, билим алыў тилине қарамастан, республика бойынша ең жоқары балл топлаған абитуриентлердиң 200 и Президент грантына табалан болатуғыны белгиленди.

Бунда:

- Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланады;

- белгили бир билимлендириў тараўы ушын ажыратылған Президент гранты квотасы бойынша соңғы орындағы абитуриент ҳәм оның менен бирдей балл топлаған барлық пуқаралар Президент грантына талабан болады.

Мәмлекетлик комиссияның 7-санлы протоколында 2021-2022-оқыў жылы ушын 25 билимлендириў тараўының ҳәр бирине 8 ден квота ажыратылған болып, айырым тараўларда сегизинши ҳәм оннан кейинги орынлардағы абитуриентлердиң топлаған баллары бирдей болғанлығы ушын улыўма 257 абитуриент Президент грантына талабан болды.

Билимлендириў тараўлары кесиминде Президент грантына талабанлардың саны ҳәм өтиў баллары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен жәрияланды.
Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи жәрияланды


Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында