2016-2021-жылларда Өзбекстанда пенсиялар муғдары 2,2 есеге көбейди, деп жазбақта Пенсия қоры. Хабарда жазылыўынша, 2016-жыл 1-январь жағдайы бойынша Өзбекстанда бир айлық орташа пенсия муғдары 421 629 сум болған болса, 2021-жылдың сентябрь айында 924 780 сумды қураған.Сентябрь айында орташа пенсияның ең жоқары муғдары Ташкент қаласында ҳәм ең төмен муғдары Әндижан ўәлаятында дизимге алынған. Өзбекстанның аймақлары кесиминде бир айлық орташа пенсия муғдары төмендегише:
Ташкент қаласында – 1 250 992 сум;
Наўайы ўәлаятында – 1 176 323 сум;
Ташкент ўәлаятында – 1 012 617 сум;
Бухара ўәлаятында – 941 411 сум;
Сырдәрья ўәлаятында – 936 392 сум;
Қарақалпақстан Республикасында – 918 930 сум;
Самарқанд ўәлаятында – 902 172 сум;
Қашқадәрья ўәлаятында – 876 728 сум;
Хорезм ўәлаятында – 870 800 сум;
Сурхандәрья ўәлаятында – 850 685 сум;
Жиззақ ўәлаятында – 848 930 сум;
Ферғана ўәлаятында – 836 856 сум;
Наманган ўәлаятында – 802 125 сум;
Әндижан ўәлаятында – 801 640 сум.
Атап өтилиўинше, 1-октябрь жағдайына Өзбекстан бойынша пенсия алыўшылардың улыўмалық саны 3,5 миллионнан өткен. Пенсия алыўшылардың улыўма халық санындағы үлеси 10,2 процентти қурап, 1991-жылдың 1-январь жағдайына салыстырғанда 64,3 процентке көбейген.
Соннан пенсия алыўшылардың улыўмалық саны аймақлар кесиминде:
Ферғана ўәлаятында – 462 204 адам;
Самарқанд ўәлаятында – 424 501 адам;
Әндижан ўәлаятында – 374 219 адам;
Ташкент ўәлаятында – 370 149 адам;
Ташкент қаласында – 354 577 адам;
Қашқадәрья ўәлаятында – 354 344 адам;
Наманган ўәлаятында – 315 113 адам;
Сурхандәрья ўәлаятында – 275 980 адам;
Бухара ўәлаятында – 241 975 адам;
Хорезм ўәлаятында – 219 107 адам;
Қарақалпақстан Республикасында – 217 127 адам;
Жиззақ ўәлаятында – 138 559 адам;
Наўайы ўәлаятында – 131 965 адам;
Сырдәрья ўәлаятында – 103 140 адам.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz