Бүгин, 6-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң өз лаўазымына кирисиўине арналған салтанатлы илаж болып өтти.Илажға Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт елли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Илажды Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамходжаев ашты. Ол 24-октябрь күни болып өткен Президент сайлаўы демократиялық принциплер тийкарында, белсенди сиясий бәсеки орталығында өткенлигин атап өтти. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Миромонович Мирзиёев сайлаўшылардың 80,12 процент даўысы менен Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланғанын атап өтти.
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы қатнасыўшылар атынан Шавкат Мирзиёевти қутлықлады ҳәм оған Өзбекстан Республикасы Президенти гүўалығын тапсырды.
Президент Өзбекстан Республикасы Конституциясының 92-статьясына муўапық, ант қабыл етти:
«Өзбекстан халқына садықлық пенен хызмет етиўге, республиканың Конституциясы ҳәм нызамларына қатаң әмел етиўге, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине кепиллик бериўге, Өзбекстан Республикасы Президенти миннетлемесине жүклетилген ўазыйпаларды ҳүжданым менен атқарыўға салтанатлы түрде ант беремен», - деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев алдағы бес жылға арналған баслы бағдарлар ҳаққында шығып сөйледи.
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz