Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына 2021-2022-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлериниң кириў имтиханларында қатнасып, қәнигелик пәннен белгиленген максимал баллдың 40 проценти (40 балл) ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлерди тийисли жоқары оқыў орны тәрепинен белгиленген төлемли контракт тийкарында баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда қосымша қабыллаўға рухсат берилген еди.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 22-июньдағы ПҚ-5157-санлы қарарына муўапық, магистратура қәнигеликлерине қосымша қабыллаўда төлемли контракт муғдары бир студенттиң оқыўы ушын сарпланатуғын қәрежет муғдарынан келип шыққан ҳалда жоқары оқыў орны тәрепинен белгилениўи атап өтилген еди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети магистратура қәнигеликлерине қосымша контракт тийкарында қабыллаўда төлемли контракт муғдары стипендиясыз көринисте 11 019 000 сум, ал стипендиялы көринисте 17 233 560 сум етип белгиленгенлигин мәлим етти.
Төлемли контракт бойынша шәртнама дүзиў ҳәм контракт муғдарының кеминде 50 процентин төлеўдиң соңғы мүддети 2021-жыл 20-ноябрь етип белгиленген.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, коронавирус инфекциясына қарсы вакцина алған ҳәм сертификат тапсырған барлық студентлерге төлемли контракт суммасына бир мәртелик 10 процентлик шегирме бонусы бериледи.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz