
Маммография – көкирек безлерин рентгенологиялық тексериў болып, көкирек безлериндеги пальпациялаў мүмкин болмаған өспелерди тексериўдиң бирден бир усылы болып табылады, деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен берилген бул аппарат жәрдеминде барлық ҳаялларды маммографиялық тексериў мүмкиншилиги пайда болды.
Усы тийкарда 40 жастан асқан ҳаялларға 2 жылда бир мәрте скрининг тексериўинен өтиў усыныс етиледи.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz