
Есап палатасы 2022-жыл ушын мәмлекетлик бюджет бойынша өз жуўмағын жәриялады. Онда мәмлекетлик бюджет есабынан раўажландырыў бағдарламалары болмаған айырым министрлик ҳәм мәкемелердиң мақсетли индикаторлары олардың стратегиялық мақсетлеринен келип шыға отырып қәлиплестирилген.
Мәлим болыўынша, 2022-жылы реал өсиў көрсеткиши 5,9 процентти қураўы прогноз етилген. 2023-жылда 5 процент, 2024-жылда да 5 процент муғдары көрсетип өтилген.
Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди ишки тутыныўшыларға сатыў баҳасы, ыссы суў ҳәм ыссылық, суўық суў ҳәм канализация тарифлериниң көтерилиўи күтилмекте. Бул 2020-2021-жылларда усы ресурслардың баҳаларының өзгермегени ҳәм келеси жылы индексацияланыўы нәзерде тутылып атырғаны менен түсиндирилген.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz