Экологлардың жуўмағы бойынша, 2020-жылы Өзбекстанда атмосфераға улыўма 924 мың тонна зыянлы элементлер шығарылған. Бул ҳаққында «Rost24.uz» сайты хабар берди.Хабарда жазылыўынша, экологиялық жақтан ең көп зыян көрген аймақлар Ташкент ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары болып, бул аймақларда ҳаўаны патасландыратуғын элементлердиң 60 проценти атмосфераға шығарылған.
Экологиялық жақтан ең таза аймақлар болса – Хорезм, Сурхандәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятлары болған.
Атмосфераға шығарылған зыянлы элементлердиң муғдары Өзбекстанның аймақлары кесиминде алып қаралғанда:
- Ташкент ўәлаяты – 430 мың тонна;
- Қашқадәрья ўәлаяты – 128,1 мың тонна;
- Сырдәрья ўәлаяты – 71,8 мың тонна;
- Самарқанд ўәлаяты – 52,7 мың тонна;
- Ферғана ўәлаяты – 50,5 мың тонна;
- Наўайы ўәлаяты – 48,4 мың тонна;
- Бухара ўәлаяты – 37,1 мың тонна;
- Ташкент қаласы – 33,7 мың тонна;
- Қарақалпақстан Республикасы – 28,9 мың тонна;- Наманган ўәлаяты – 15 мың тонна;
- Әндижан ўәлаяты – 11,5 мың тонна;
- Хорезм ўәлаяты – 6,8 мың тонна;
- Сурхандәрья ўәлаяты – 6,5 мың тонна;
- Жиззақ ўәлаяты – 3,4 мың тонна.
Көрсеткишлердиң бундай кескин парқланыўы аймақлардың экономикалық раўажланыў дәрежесине де байланыслы. Ташкент ўәлаятында дәстүрий тәризде өндирислик кәрханалары көп, сонлықтан да, бул аймақта зыянлы элементлер атмосфераға көп шығарылады, деп жазылған хабарда.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz