Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.11.2021 11:32
  • 541

Европа Инвестициялық банки тәрепинен Қарақалпақстанға 35 миллион евро кредит ҳәм грант қаржылары ажыратылыўы күтилмекте

Европа Инвестициялық банки тәрепинен Қарақалпақстанға 35 миллион евро кредит ҳәм грант қаржылары ажыратылыўы күтилмекте
Ташкент қаласындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Борий Алихонов ҳәм Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтының директоры Абдушукур Ҳамзаев қатнасыўында өткерилген баспасөз конференциясында 2050-жылға шекем суў ресурслары Сырдәрья бассейнинде 5 процентке шекем, Әмиўдәрья бассейнинде 15 процентке шекем кемейиўи күтилип атырғаны ҳаққында атап өтилди.

Мәлим етилиўинше, Арал теңизи бассейнинде ҳәзирги ўақытта дерлик 2 миллион гектар майданда жерлердиң деградациясы ҳәм шөллениў процесслери бақланбақта. Быйылғы жылы тоғай пайда етиў көлеми Арал теңизиниң қурыған ултанында 458 мың гектарда әмелге асырылды.

Европа Инвестициялық банки тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 35 миллион евро кредит ҳәм грант қаржылары ажыратылыўы бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта. Усы жойбар шеңберинде аймақта 17,5 мың гектар деградацияға ушыраған жерлерди қайта тиклеў нәзерде тутылған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында