Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.11.2021 13:33
  • 821

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни. Күн тарийхы ҳаққында нелерди билемиз?

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни. Күн тарийхы ҳаққында нелерди билемиз?
Студентлик – алтын дәўир. Өйткени, бул жаслық жигер, илҳәм-йош, қуўанышқа толы өмирдиң бир мәўрити болып табылады. Солай екен, студентлер ушын дерлик ҳәр күни байрам десек қәтелеспеген боламыз. Деген менен, 17-ноябрь сәнеси халықаралық көлемде студентлер күни сыпатында кең түрде белгиленеди. Хош, не ушын бул байрам 17-ноябрьде белгиленеди?

Студентлер күниниң өз тарийхы бар. Бул бахытлы жаслық дәўири ҳәм романтикалық байрам болғаны менен күнниң тарийхында кеўилсиз ўақыялар болғанлығын атап өтиў керек.

Екинши жер жүзилик урыс ўақты менен байланыслы бул ўақыя төмендегише: 1939-жылдың 28-октябрь күни фашистлер басқыншылығында қалған Прага қаласындағы жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм оқытыўшылары Чехословакия мәмлекетиниң дүзилген күнине арнап демонстрацияға шыққан. Демонстрация ўақтында басқыншылар студентлерге қарсы шығып, медицина факультетиниң Ян Оплетал исимли студентине қарай оқ атқан ҳәм жарадар еткен. Жарақаты емлениўине қарамастан студент 11-ноябрь күни қайтыс болған. Студентти жерлеў мәресими 15-ноябрь күни болып өткен ҳәм оның даўамы наразылық акциясына айланып кеткен. Наразылық акциясы ўақтында онға шамалас студент усланып, қамалған. 17-ноябрь күни фашистлер таң азанда студентлер жатақханасын қоршап алып, наразылық акциясына қатнасқан 1200 ден аслам студентти қолға алған ҳәм олардың көпшилигин Заксенхаузендеги концлагерге жиберген. Тоғыз студент ҳәм студентлер ҳәрекетиниң жетекшилери ҳеш қандай суд шешимисиз Рузина районындағы қамақханада атып өлтирилген. Гитлердиң буйрығы менен чехлардың барлық жоқары оқыў орынлары урыстың соңына шекем жабылған. Арадан еки жыл өткеннен соң 1941-жылы Лондон қаласында нацизмге қарсы гүресип атырған студентлердиң халықаралық ушырасыўы болып өткен. Онда чехословакиялы Отто Шлингтиң усынысы менен усы сәнени ҳәр жылы қайтыс болғанлар естелиги ушын Студентлер күни сыпатында белгилеў қарары қабыл етилген.

Бул сәне 1946-жыл 17-ноябрьден баслап халықаралық көлемде белгиленеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

    Биз ҳәр күни услайтуғын ең бактериялы буйым - бул мобиль телефонымыз. Он жыл алдын алымлар

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик