Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.11.2021 17:23
  • 1280

Транспорт басқарыўшылары ушын жаңалық: айырым жәриймалар муғдары кемейтилмекте

Транспорт басқарыўшылары ушын жаңалық: айырым жәриймалар муғдары кемейтилмекте
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының гезектеги улыўмалық мәжилисинде «Транспорт ҳәм қаржы тараўларындағы айырым ҳуқықбузарлықларды әмелге асырғаны ушын ҳәкимшилик жазалар либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам мақулланды.

Усы нызам тийкарында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың қәўиплилик дәрежесинен келип шығып, оптималластырыў мақсетинде 5 статьяның санкциясы муғдары кемейтилмекте. Атап айтқанда, транспорт қураллары ийелери тәрепинен қамсызландырыў полисин алмағаны ямаса мүддети өткен қамсызландырыў полиси яки болмаса қамсызландырыў полисинде нәзерде тутылмаған адамның автотранспорт қуралын басқарғаны, жолаўшыларды лицензиясыз тасыў менен шуғылланғаны, паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны, пуқаралар тәрепинен валюта қунлылықларын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў ушын жәрийма муғдары кемейтилмекте.

Соның менен бирге, транспорт қуралын басқарыў ўақтында транспорт басқарыўшыларына «Bluetooth», наушник ҳәм басқа қолды бәнт етпейтуғын гарнитуралардан пайдаланыўға рухсат берилмекте.

Транспорт қуралы салонының алдынғы тәрепине монитор (дисплей) орнатыў ушын жуўапкершилик бийкар етилмекте, сондай-ақ, транспорт қураллары басқарыўшылары тәрепинен белгиленген ҳәрекетлениў тезлиги арттырып жиберилгенде тезликти өлшейтуғын арнаўлы үскенелер дизимге алған тезликтен саатына 5 километрди алып таслап есаплаў енгизилмекте.

Сондай-ақ, ишки ислер уйымлары ямаса консуллық мәкемеси тәрепинен берилген биометрикалық паспорты (ID-картасы) болған жағдайда транспорт басқарыўшысынан транспортты басқарыў ҳуқықын беретуғын ҳүжжет, транспорт қуралын дизимнен өткергени ҳаққындағы, соның менен бирге, транспорт қуралына ийелик етиў, ийеси жоқ ўақытта оннан пайдаланыў ямаса оған ийелик етиў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери, транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси талап етилмейди.

Бул нызам Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылып, белгиленген тәртипте жәрияланғаннан соң күшке киреди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында