Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.11.2021 11:25
  • 808

Нөкисте студенттиң газ ийисинен зәҳәрленип қайтыс болғаны бойынша прокуратура мағлыўмат берди

Нөкисте студенттиң газ ийисинен зәҳәрленип қайтыс болғаны бойынша прокуратура мағлыўмат берди
Усы жылдың 24-ноябрь күни саат 07:00 лерде Нөкис қаласы 22-киши районы 8/6-жай 43-квартирада ижарада жасайтуғын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Р.Р. (ер адам) үйине орнатылған жылытыў қазаны трубасынан сызып шыққан газ ийисинен зәҳәрленип қайтыс болғанлығы анықланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы хабар берди.

Усы жағдай бойынша марҳум Р.Р.ға суд-медициналық экспертизасы тайынланған.

Жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Тексериў даўамында анықланыўынша, усы жайда сол күни марҳум Р.Р.дан тысқары 6 адам болып, марҳум Р.Р. асханада, қалған 6 адам басқа бөлмелерде уйқылағаны ушын олардың ҳеш бири газ ийисинен зәҳәрленбеген.

Тексериў ҳәрекетлери Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай