Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.11.2021 12:04
  • 896

Дүньяда коронавирустың жаңа штаммы кең тарқалмақта. Жағдай қандай?

Дүньяда коронавирустың жаңа штаммы кең тарқалмақта. Жағдай қандай?
Өткен ҳәптеден дүньяда коронавирус пандемиясы менен байланыслы жағдай және қурамаласты. Буған Қубла Африка миллий жуқпалы кеселликлер институтының илимпазлары тәрепинен шийшемби күни В.1.1.529, яғный «omicron» штаммы анықланғаны себеп болды. Илимпазлардың айтыўынша, бул кеселлик АИЖСке шатылған адамда анықланып, мутацияға кирискен. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлим етти.

Солай етип, жума күни Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми айрықша жыйналыс шақырды. Бул жерде дүньяның жетекши илимпаз ҳәм қәнигелери тәрепинен жаңа штамм додаланды.

Дәслепки шешимлерге қарағанда, «omicron» оғада көп мутацияларды өз ишине алған ҳәм «дельта» штаммынан да жуқпалы есапланады. Ең жаманы, жаңа версия әллеқашан Африкадан басқа континентлерге тарқалып үлгерген.

Мәселен, өткен ҳәптениң ақырында Бельгия, Германия, Италия, Нидерландия, Уллы Британия, Чехия, Дания сыяқлы бирнеше мәмлекетлерде «omicron» штаммы менен наўқасланыў жағдайлары анықланды.

Сол себепли Россия, Германия, Израиль, Уллы Британия, Сингапур, Бахрейн, Италия, Нидерландия, Марокко, Франция, Чехия, Австрия, Малайзия, Саудия Арабстаны, Швейцария, Түркия, Канада, АҚШ, БАӘ, Мыср, Аргентина, Бразилия, Австралия сыяқлы мәмлекетлер барыс-келисте, аэропортларда ҳәр қыйлы шеклеўлер енгизди.

Мәселен, Уллы Британияда қәлеген сырт мәмлекеттен келген адам ПШР (полимераз шынжырлы реакция) тестин тапсырыў ҳәм унамсыз нәтийже алынбағанша өзин изоляциялаўы шәрт. Сондай-ақ, ҳүкимет жәмийетлик орынларда және нықап тағыўды енгизди. Бул жерде вакцина алғаннан берли 6 айдан көп ўақыт өткен ҳәм 40 жастан өткен халық ўәкиллерине қайта шаншыў усыныс етилиўи де айтылмақта.

Россия болса кешеден баслап Африканың бирнеше мәмлекетлери, сондай-ақ, Гонконгтан сырт еллилердиң өз аймағына кириўин шекледи. Израиль ҳүкимети өз шегараларын 14 күнге жаўып қойыўын жәриялаған болса, Кувейт 9 мәмлекет пенен авиарейслерди тоқтатты. Марокко да олардың қатарына қосылды.

Швейцария жаңа штамм себепли Чехия, Уллы Бриятания, Нидерландия ҳәм Малавиден келген саяхатшыларға шеклеўлер енгизди.

Япония болса 30-ноябрьден мәмлекетти сырт еллилер ушын жаўатуғынлығын мәлим еткен.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў тәртиби қандай?

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў тәртиби қандай?

    Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў бала жайласқан медициналық бирлеспе қәўендерлик ҳәм қайырқомлық органы