Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.11.2021 12:55
  • 690

Қыс мәўсими аномал температура менен басланады – «Өзгидромет»

Қыс мәўсими аномал температура менен басланады – «Өзгидромет»
Бүгин ҳәм ертең Өзбекстан аймағы бойынша қуяшлы және ашық ҳаўа райы болыўы күтилмекте, түстен кейин ҳаўа 12-17 градусқа шекем жылытады, түнде ҳаўаның температурасы 3-6 градус жыллы болады.

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, қыстың дәслепки күнлери аномал жыллы ҳаўа райы менен басланады. 1-2-декабрьде қубла тәрептеги сырт еллерден жыллы ҳаўа массаларының кирип келиўи күтилмекте. Ҳаўаның температурасы түнде 6-9 градус жыллы, күндиз 17-22 градус жыллы болыўы күтиледи. Бул декабрь айының басы ушын болған нормадан 8-11 градусқа жоқары есапланады.

Тек ғана 2-декабрь күни арқа аймақларға бираз ығал ҳам салқын ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Буның есабынан Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин.

3-декабрьде ҳаўа массаларының кирип келиўи республикамыздың басқа аймақларына тарқалады. Республиканың айырым районларында (арқа аймақлар ҳәм Ферғана ўәлаятынан тысқары) бираз жаўын жаўыўы мүмкин. 3-декабрьде температура фоны салыстырмалы төменлейди, бирақ нормадан жоқары болады. Күндизги ўақытларда ҳаўаның температурасы 13-18 градус жыллы болыўы күтиледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында