Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.11.2021 16:50
  • 1282

Қәўипли кеселликтен сақланыўда нелерге әҳмийет қаратыў керек? Шыпакер кеңеси

Қәўипли кеселликтен сақланыўда нелерге әҳмийет қаратыў керек? Шыпакер кеңеси
АИВ (адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы (ВИЧ)) инфекциясын жуқтырған ҳәр бир адам диагнозды биринши еситкеннен баслап қорқыў, қайғырыў, өзин-өзи айыплаў сыяқлы ойлар менен түскинликке түседи. Бул тек ғана, адамларда ушырасатуғын созылмалы жуқпалы кеселлик болып табылады.

АИЖС (СПИД) – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы деп аталады.

АИВ (ВИЧ) инфекциясы кеселликтиң дәслепки басқышы болып, адамлар өзлерине бул инфекцияны жуқтырып алғанын билмей бир неше жылларға дейин жүре бериўи мүмкин.

АИВ инфекциясын жуқтырып алған адам вирус тасыўшы болып есапланады ҳәм бул кеселликти жуқтырыў қәўпи өмириниң ақырына дейин сақланып қалады. Кеселликтиң жасырын дәўири 5-10 жылға дейин даўам етип, вирус тасыўшылар өзлери билмеген ҳалда бул кеселликти басқаларға жуқтырыўы мүмкин.

Адам АИВ инфекциясын жуқтырып алғаннан кейин бул кеселликтиң вирусы адамның иммунитетин әсте-ақырын төменлетип, ақыбетинде иммун системасы пәсейип, кеселликке қарсы гүресиў қәбилетин жо¬ғалтады. Соңында адам организминде ҳәр түрли кеселликлердиң белгилери басланады. Булар:

- дене ыссылығы (температурасы)ның себепсиз көтерилиўи (бир неше ҳәпте, айлар даўамында);
- бир айдан көбирек ўақыт даўамында жөтел пайда болыўы;
- тез-тез және де мәўсимсиз грипп кеселлиги менен кеселлениўи;
- ҳеш қандай себепсиз азып кетиўи (10-15 кг);
- мәўсимсиз иш кетиўлер ҳәм оның ҳәптелеп, айлап даўам етиўи;
- аўызларына ушықлар шығып, денесине ҳәр түрли таспа жаралар шығып кетиўи;
- омыраў асты, қолтық асты лимфа безлериниң үлкейиўи гүзетиледи.

Егер АИВ инфекциясының вирусы адамда өз ўақтында лабораториялық усылда анықланбаса ямаса анықланғаннан кейин зәрүр болған емлеў препаратларын ишпеген жағдайларда адам ҳәр түрли кеселликлерди арттырып, яғный рак, пневмония, окпениң исиниўи ҳәм т.б. кеселликлерге шатылған адам организминде АИВның соңғы басқышы АИЖС (СПИД) раўажланады. Ақыбетинде адам түрли кеселликлердиң синдромларынан қайтыс болады. Солай етип, АИЖС арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы дегенимиз – бул АИВ инфекциясының ең соңғы, яғный терминал басқышы болып табылады.

АИВ инфекциясы тийкарынан 3 түрли жол менен, тек ғана адамнан адамға жу¬ғады:
Бириншиси, қан ҳәм қан компонентлери арқалы, бул тери пүтингилиги бузылыўы нәтийжесинде өткерилетуғын ҳәр түрли процедуралар ўақтында жуғады:
- АИВға тексерилмеген донор қаны қуйылғанда;
- стерилленбеген медициналық әсбап-үскенелер (шприцлер, тис алыў, операциялар ислеў әсбаплары);
- медициналық емес хызметлерден пайдаланғанда (татуировка, маникюр, қулақ тестириў, шаш алыў ҳәм т.б.);
- басқа биреўдиң жеке гигиеналық буйымларынан (тис щеткасы, сақал алыў үскенелери) пайдаланылғанда жуғады.

Екинши усылы, жынысый жол арқалы, әсиресе, қорғалмаған жынысый байланыс ўақтында.

Үшиншиси, анадан балаға, яғный ҳаяллардың ҳәмиледарлық дәўиринде, баланы дүньяға келтирип атырғанында туўыў жоллары арқалы жуғады.

АИВ төмендеги жағдайларда жуқпайды:
- ҳаўа арқалы, яғный жөтелгенде, түшкиргенде, адамлар бир-бири менен сөйлескенинде;
- суў арқалы;
- қол берип көрискенде, қушақласқанда;
- бассейн, монша, ҳәжетханалардан улыўма пайдаланылғанда;
- улыўма телефоннан, кийим-кеншек, көрпе-төсеклерден ҳәм ыдыс-табақлардан пайдаланғанда;
- шыбын-ширкейлер шаққанда бул кеселлик жуқпайды.

Егер де сизде АИВ инфекциясын жуқтырып алыў қәўпин туўдырыўшы жағдайлар бақланса, АИВға лабораториялық тесттен өтиң. Себеби, АИВ инфекциясы тек ғана лабораториялық тексериў арқалы ғана анықланады.

Қарақалпақстан Республикаси АИЖСке қарсы гүресиў орайында АИВ инфекциясына аноним, яғный шахсын сыр сақлаған ҳалда қан тапсырыў бийпул әмелге асырылады.

Бүгинги күнде АИВ/АИЖС кеселлигиниң улыўма даўасы жоқ!

Емлеў препаратлары тек ғана АИВ вирусының раўажланып, көбейиўин тоқтатып турыўға қаратылған болып, кеселликтиң АИЖС дәўирине өтип кетпеўин арқаға сүреди. Бул наўқастың өмирин узайтыўға ардем береди.

АИВ инфекциясынан сақланыўдың бирден-бир жолы тек ғана профилактикалық илажларға әмел етиў болып табылады.

Н.Асаматдинова,
АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

        Ферментленген сүт ѳнимлери – кем майлы творог, йогурт, кефир нәтийжели тәсир кѳрсетеди. Дәнли ҳәм Б