Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.11.2021 14:58
  • 739

Әмиўдәрьядағы тоғайда жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Әмиўдәрьядағы тоғайда жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Усы жылдың 27-ноябрь күни Әмиўдәрья районы «Назархан» АПЖ аймағында жайласқан «Бадай тоғай»да саат 17:30 лар шамасында өрт келип шыққаны мәлим болды, - деп рәсмий мағлыўмат берди ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы мәлимлеме хызмети.

Рәсмий мағлыўматта жазылыўынша, жүзеге келген өрт басқарманың өрт-қутқарыўшылары ҳәм бирге ислесиўши хызметкерлери менен алып барылған жумыслар нәтийжесинде сапластырылған.
Әмиўдәрьядағы тоғайда жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Өрттиң келип шығыў себеби ҳәм жеткерилген материаллық зыян сорастырыўлар даўамында анықланады. Өрт ақыбетинде дене жарақатын алғанлар ямаса қайтыс болғанлар жоқ, - деп қосымша етилген хабарда.

Еслетип өтемиз, алдын «Kun.uz» басылымы Қарақалпақстан хабарлары каналына тийкарланып Әмиўдәрья районындағы дәрьяға жақын аймақтағы тоғайда өрт келип шыққаны, өрт үш күннен берли жүз берип атырған болып, оны толық сапластырыўдың илажы болмай атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Karinform.uz.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай