Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.11.2021 16:38
  • 843

«30-35 гектар тоғайға зыян жеткен». Экокомитет Әмиўдәрьядағы тоғайда жүз берген өрт бойынша мағлыўмат берди

«30-35 гектар тоғайға зыян жеткен». Экокомитет Әмиўдәрьядағы тоғайда жүз берген өрт бойынша мағлыўмат берди
Усы жылдың 27-ноябрь күни Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерватының Әмиўдәрья районы Назархан бөлиминдеги 11-айланба тоғайында жүз берген өрт саат 14:30 ларда усы жерде жумыс алып баратуғын хызметкерлер тәрепинен анықланған ҳәм белгиленген тәртипте тийисли уйымларға хабар берилген. Оператив тәризде шөлкемлестирилген арнаўлы жумысшы топар ағзалары жедел түрде ўақыя орнына жетип барған. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызмети хабар берди.

Өртти сапластырыўға Айрықша жағдайлар басқармасының Әмиўдәрья районлық ҳәм Нөкис қалалық бөлимлери, экология комитети ҳәм «Тоза ҳудуд» МУК хызметкерлери, Миллий гвардия, «Сайгачий» комплексли (ландшафт) ҳәм «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханалары, «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери бириктирилген.

Хабарда жазылыўынша, өрт жүзеге келген орын еки мәмлекет арасындағы шегара аймағы болып, өрттиң басланыў ноқаты Назархан участкасына жақын жердеги аймақ қоңсылас мәмлекетке тийисли екенлиги анықланған. Бул аймақ Әмиўдәрья дәрьясының ортасында жайласқан атаў болып, улыўмалық майданы 562 гектарды қурайды. Соннан 420 гектар жер майданы Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерватына тийисли ҳәм 142 гектары Түркменстан Республикасы аймағы болып табылады.

Мәлим етилиўинше, өртти сапластырыў бойынша техникалық қураллардың барыў имканияты қыйын болғаны ушын 27-ноябрь күни жер сүриў техникалары өртти өшириў жумысларына бириктирилген. 28-ноябрь күни қоршап алыў арқалы өрт сапластырылған. Бирақ, түнги ўақытта ескен самал өрттиң қайтадан ушқынланыўына себеп болған. Өртти өшириўге бириктирилген хызметкерлердиң пидайы мийнетиниң нәтийжесинде 30-ноябрь күни саат 10:00 лерде өрттиң тарқалыўы толық сапластырылған. Ҳәзирги ўақытта өрттиң қайталанбаўы ушын белгиленген жумыслар әмелге асырылмақта.

Дәслепки үйрениўлер бойынша, өрт ақыбетинде шама менен 30-35 гектар әтирапындағы тоғайға зыян жеткен. Өрттиң жүзеге келиў себеби ҳәм зыянды анықлаўға байланыслы үйрениў жумыслары даўам еттирилмекте.

Karinform.uz.
Фото авторы: Шуҳрат Саидаҳмадов (Kun.uz)


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай