8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн. Быйыл Бас нызамымыздың қабыл етилгенине 29 жыл толмақта. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик институтында усы сәнеге арналған салтанатлы илаж болып өтти.Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланған илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Илажда атап өтилгениндей, тийкарғы нызамымыз өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық және еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.
1992-жылы 8-декабрь күни ғәрезсиз Өзбекстанның Конституциясы қабыл етилди. Конституцияны ислеп шығыўда нызамшылықтағы алдынғы сырт ел тәжирийбелери менен биргеликте халқымыздың көп әсирлик менталитети, жасаў шараяты, ата-бабалардан мийрас болып киятырған үрп-әдетлери де басшылыққа алынды.
Конституцияда тийкарғы итибар инсан ҳәм оның ҳуқықлары және еркинликлери, яғный Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасына жеке, сиясий ҳәм социаллық-экономикалық ҳуқық және еркинликлердиң кепилликлери тәмийинленди.
Елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралық жәмийетин қурыў, буның ушын халқымыздың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, халқымыздың бүгинги өмирден разы болып жасаўы ушын оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериў бағдарында соңғы жыллардағы алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди.
Тийкарғы нызамымызда келешек әўладлардың билим алыўы, кәсип маманы болыўы, озық-ойлы, терең пикирлейтуғын, жетик инсан болып жетилисиўи ушын зәрүр болған принциплер ҳәм қағыйдалар белгилеп берилген. Соңғы жыллары жоқары билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар усы мақсетлерге ерисиў ушын хызмет етеди. Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларының саны соңғы бес жылдың ишинде онға жеткенлиги, олардың материаллық-техникалық базасының жетилистириўи, қабыллаў квоталары санының көбейтилиўи, Қарақалпақстанның шетки аймақларында жасап атырған жаслар, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша грант орынларының берилип атырғаны Конституцияда белгиленген нормалардың әмелдеги көринислери болып табылады.
Усындай имканиятлар нәтийжесинде елимиз жаслары илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм турмыстың басқа да салаларында үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.
Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы У.Қудайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы Ә.Нурлепесов қатнасты ҳәм жыйналғанларды қутлықлады. Институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы доценти Т.Қудайбергенова, педагогика факультети студенти Т.Ильсовлар Конституциямыздың қабыл етилиў тарийхы, бүгинги күндеги турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында баянатлар жасады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz