Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.12.2021 12:32
  • 1337

ЖПХ инспекторлары жаңа үлгидеги алкотестер қурылмасы менен тәмийинленеди

ЖПХ инспекторлары жаңа үлгидеги алкотестер қурылмасы менен тәмийинленеди
Жол-патруль хызмети инспекторлары транспорт басқарыўшысын спиртли ишимлик тәсиринде деп гүманланған ўақытта жаңа үлгидеги «Алкостоп-8000S» маркалы алкотестер қурылмасы жәрдеминде тексериледи. Бул ҳаққында ӨзР ЖҲҚББ хабар берди.

Қурылма актив ҳәм пассив режимде қолланылады. Пассив режимде транспорт басқарыўшысы тоқтатылған ўақытта ЖПХ инспекторы алкотестердиң үплейтуғын тәрепин транспорт басқарыўшысына жақынластырады. Қурылма 5-10 сантиметрлик аралықта транспорт басқарыўшысының аўзынан шыққан этанол пуўлары арқалы оның спиртли ишимлик ишкени ямаса ишпегенин анықлайды.

Еслетип өтемиз, алдын Нөкис қаласында ЖПХ инспекторы өз ара сәўбет ўақтында бас кийимин шешкен ҳәм транспорт басқарыўшысына үплеўин сорағаны сәўлеленген видео социаллық тармақларда жәрияланып, қызғын пикир-таласларды келтирип шығарған еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында