Қарақалпақстан Республикасында самал электр станциясын қурыў бойынша инвестициялық жойбар шеңберинде бәҳәрги мониторинг ўақтында усы аймақта алдын ушыраспаған жаңа қус түри – шөл суўықторғайы (Trumpeter Finch Bucanetes githagineus) анықланды, деп жазбақта ӨзР Энергетика министрлиги баспасөз хызмети.Атап өтилиўинше, Энергетика министрлиги жойбарлардың қоршаған орталыққа тәсирин үйрениў бойынша еки басқышлы қәўип анализин өткереди. Биринши басқышта Халықаралық раўажланыў институтлары (Жәҳән банки, Халықаралық қаржы корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки) жәрдеминде министрлик дерлик бир жыл даўамында мағлыўматларды топлайды. Бунда тек ғана жойбар ушын ажыратылған аймақта емес, соның менен бирге, 50 километрлик радиуста да үйрениў жумыслары алып барылады.
Ҳәзирги ўақытта қуслар, жарғанатлар, жербаўырлаўшылар ҳәм басқа ҳайўанлардың саны және түрлери үйренилмекте. Сондай-ақ, өсип атырған өсимликлер ҳәм жер асты суўлары да бақлап барылады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz