Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.12.2021 12:55
  • 651

Қарақалпақстанның демографиялық көрсеткишлери қандай? Статистикалық мағлыўматлар

Қарақалпақстанның демографиялық көрсеткишлери қандай? Статистикалық мағлыўматлар
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы усы жылдың 1-октябрь жағдайы бойынша республикамыздың турақлы халқының саны 1 миллион 939 500 адамға шамалас болғанлығын мәлим етти. Қарақалпақстан халқы жыл басынан көрсетилген ўақытқа шекем 15,8 мың адамға (0,8% ке) көбейген. Соннан қалалық жерлердеги халықтың саны 949,8 мың адамды (49,0%), ал аўыллық жерлердеги халықтың саны болса 989,7 мың адамды (51,0%) қураған.

Турақлы халық санын қала ҳәм районлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ:

Нөкис қаласы – 327,5 мың адам;
Әмиўдәрья районы – 203,7 мың адам;
Беруний районы – 196,4 мың адам;
Бозатаў районы – 21,8 мың адам;
Қараөзек районы – 53,4 мың адам;
Кегейли районы – 73,4 мың адам;
Қоңырат районы – 132,2 мың адам;
Қанлыкөл районы – 52,1 мың адам;
Мойнақ районы – 32,8 мың адам;
Нөкис районы – 51,6 мың адам;
Тақыятас районы – 75,1 мың адам;
Тахтакөпир районы – 40,5 мың адам;
Төрткүл районы – 220,0 мың адам;
Хожели районы – 125,0 мың адам;
Шымбай районы – 113,5 мың адам;
Шоманай районы – 56,8 мың адам;
Елликқала районы – 163,7 мың адам.

2021-жылдың 1-октябрь жағдайына муўапық, республикамыз турақлы халқының:

- Мийнетке жарамлылық жасынан киши болғанлар – 30,7%;
- Мийнетке жарамлылық жасындағылар – 59,7%;
- Мийнетке жарамлылық жасынан үлкен болғанлар – 9,6% ти қурады.

Көрсетилген дәўир ишинде Қарақалпақстанда 28,9 мың нәресте дүньяға келген болса, 6,6 мың адам қайтыс болған. Бунда халықтың тәбийғый өсими 22,3 мың адамды қураған. Ал көшип келгенлер 9,6 мың адам болып, 16,2 мың адам көшип кеткенлер статистикасында көрсетилген. Бунда миграция сальдосы -6,6 мың адамды қурады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында