Telegram karinform

Технология

  • 20.12.2021 13:57
  • 922

«UzAuto Motors» автомобиль сатыў ушын жаңа арзаларды қабыллаўды ўақытша тоқтататуғынлығын мәлим етти

«UzAuto Motors» автомобиль сатыў ушын жаңа арзаларды қабыллаўды ўақытша тоқтататуғынлығын мәлим етти
«UzAuto Motors» компаниясы 2021-жылдың 20-декабринен 2022-жылдың 1-февралына шекем «Nexia», «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлерин сатыў бойынша жаңа арзаларды қабыл етиўди тоқтататуғынлығын мәлим етти.

Буған дүнья жүзинде жүз берип атырған ярымөткизгишлердиң жетиспеўшилигин себеп етип көрсеткен.

«Логистикалық машқалалар портлар ҳәм темир жолларда (контейнерлер 6 айға шекем кешигеди), сондай-ақ, дүнья бойлап ярымөткизгишлерди жеткерип бериўдеги үзилислер глобаллық автомобиль санаатында узақ даўам еткен дағдарысқа алып келди. Тилекке қарсы, бизиң компаниямыз да буннан аўлақ емес», - деп жазылған компанияның рәсмий баянатында.

Компания жағдай бойынша қарыйдарлардан кеширим сораған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған