Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.12.2021 15:56
  • 630

Ҳәпте даўамында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди

Ҳәпте даўамында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди
21-декабрьде күндизги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты, ал кешки ўақытта Өзбекстанның қубла-батыстағы басқа ўәлаятлары аймақларына Кавказ аймақларынан антициклон кирип келиўи басланады. Базы жерлерде жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 15-18 градус жыллы болыўы күтиледи. Ал Қарақалпақстанда 7-12 градус жыллы болады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

22-декабрьде антициклон шығысқа қарай жылжып, аймақтың көпшилик бөлегинде түнде ҳәм азанда жаўын жаўады. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын ҳәм қар) болады. Базы жерлерде күшли болыўы мүмкин. Өзбекстанның арқа ҳәм арқа-батыс аймақларында жаўын жаўыўы тоқтайды. Ҳаўаның температурасы түнде 4-9 градус жыллы, күндиз 10-15 градус жыллы болады.

21-22-декабрьде суўық ҳаўа кирип келиўи менен республика бойлап самал 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте. Бухара, Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья ўәлаятларында айрым жерлерде 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

23-24-декабрьде аймақлардың көпшилик бөлегинде қурғақ ҳәм салыстырмалы жыллы ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Тек ғана Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде ҳаўа райы және өзгереди – бул аймақларға Волгабойы аймақларынан антициклон кирип келеди. Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде жаўын жаўады, базы жерлерде қарға айланады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 23-декабрьде 8-13 градус жыллы, 24-декабрьде республика бойлап 5-10 градус жыллы болыўы күтиледи. Қарақалпақстанда болса 0-5 градусқа шекем жыллы болады.

Өзбекстан бойлап айрым жерлерде думан түсиўи мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында