Мәмлекетимиз басшысының денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен болып өтетуғын «Өзбекстан медицинасы – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашық сәўбетлесиўине таярлық процеси қызғын түрде өтпекте.Президент Администрациясы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа мәкемелердиң жетекши қәнигелеринен дүзилген штаб қурамында «Call-орай», Анализ, орынлаў ҳәм қадағалаў топары және Медиа орай жумыс алып бармақта.
1295 қысқа номерли «Call-орай»ға усы күнге шекем улыўма 2055 мүрәжат келип түсти. Соннан 74 проценти өз шешимин таўған болса, 26 проценти орынланыў процесинде.
Жолланып атырған мүрәжатлар медицинаның дерлик барлық бағдарларын қамтып алмақта. Мәселен:- 437 си денсаўлықты сақлаў системасының бирлемши буўынына;
- 123 и қыстаўлы медициналық жәрдем хызметине;
- 120 сы қәнигелескен орайлардың жумысларына байланыслы.
Усы күнге шекем:- бирлемши медициналық жәрдем хызмети бойынша 248;
- қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети бойынша 101;
- қәнигелескен орайлардың жумыслары бойынша 80;
- медицинаның басқа бағдарлары бойынша 467 мүрәжат өз ўақтында шешилди.
Сондай-ақ, Ташкент қаласынан келип түскен 168 мүрәжаттан 146 сы (87 проценти) өз шешимин таўған болса, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың үлесине туўра келип атырған 1042 мүрәжаттан 750 и (72 проценти)ниң орынланыўы тәмийинленди.
Және бир жаңалық. Медицина хызметкерлери буннан былай өз мүрәжатларын төмендеги электрон мәнзиллер арқалы да жоллаўы мүмкин:▶️ Telegram: @SSV_Call_centre_bot
▶️ E-mail: insonqadriuchunssv@mail.ru
▶️ Facebook: www.facebook.com/Insonqdriuchunssv
▶️ Instagram: https://www.instagram.com/insonqadriuchunssv
Анализ, орынлаў ҳәм қадағалаў топары тәрепинен усы тармақлар арқалы келип түсип атырған усыныс ҳәм мүрәжатлар да үйренилип, қәнигелер қатнасыўында орынларға барған ҳалда орынланыўы тәмийинленбекте.
Ҳүрметли медицина хызметкерлери!Егер медицина тараўына байланыслы идея ҳәм усынысларыңыз болса, «Call-орай»дың арнаўлы 1295 номери және жоқарыдағы электрон мәнзиллерге мүрәжат етиң. Олардың ҳеш бири итибардан шетте қалмайды!
Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети.
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz