Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.12.2021 18:41
  • 885

ҚМУ студентлеринен әжайып баслама: Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын қайырқомлық акциясы шөлкемлестирилди

ҚМУ студентлеринен әжайып баслама: Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын қайырқомлық акциясы шөлкемлестирилди
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслар аўқамы волонтёрлары ҳәм жетекшилери менен биргеликте жаңа жыл байрамы қарсаңында социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын саўға етиў ушын ҳәр бир факультетке қайырқомлық қутышалары орнатылды.

– Саўғалардың ишинде ең жақсысы – бул итибар, шийрин сөз ҳәм ғамқорлық, - дейди ҚМУ жаслар аўқамы жетекшиси Дәўранбек Абаданов. – «Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек» деген ҳикметли сөзден келип шығып өткерилген қайырқомлық акциясында бир ай даўамында улыўма 20 миллион 460 мың сум қаржы жыйналды. Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен университетимиздеги жәрдемге мүтәж студентлер үйренип шығылып, улыўма 160 студентке топланған пуллар саўға сыпатында бөлистирилди.
ҚМУ студентлеринен әжайып баслама: Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын қайырқомлық акциясы шөлкемлестирилди
Байрам алдынан университет ректоры, барлық факультет жаслар аўқамы жетекшилери, кеңес ағзалары қатнасыўында бөлистирилген пуллар 127 мың сумнан конвертлерге жайластырылып, университет студентлери атынан жаңа жыл саўғасы ретинде өз ийелерине жеткерилди.

«Ўақыт өте береди, инсанның изинде тек жақсы сөз ҳәм жақсы ислери калады. Усы пурсаттан пайдаланып қайырқомлық акциясында қатнасқан барлық студентлерге, белсендилерге, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз», - дейди ҚМУ жаслар жетекшиси.
ҚМУ студентлеринен әжайып баслама: Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болған студентлер ушын қайырқомлық акциясы шөлкемлестирилди

Karinform.uz.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...