Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.12.2021 16:56
  • 565

Пенсия қоры январь айы ушын пенсия ҳәм напақалар қашаннан баслап берилетуғынлығын мәлим етти

Пенсия қоры январь айы ушын пенсия ҳәм напақалар қашаннан баслап берилетуғынлығын мәлим етти
Ҳәммемизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманына муўапық, 2021-жылдың 31-декабрь ҳәм 2022-жылдың 1-4-январь күнлери республикамызда барлық тараў ўәкиллери ушын дем алыс күни деп жәрияланды.

Усы мүнәсибет пенен халқымыз арасында түсинбеўшиликлер жүзеге келиўиниң алдын алыў және пенсия ҳәм напақа алыўшылардың әўерегершиликлерине жол қоймаў мақсетинде Пенсия қоры ҳәм Халық банки январь айы ушын пенсия ҳәм напақалар нақ пул көринисинде тарқатылыўы, сондай-ақ, банк карталарына жүклениўи 5-6-январь сәнесинен баслап белгиленген мүддетлерге шекем төлениўи тәмийинленетуғынлығын мәлим етти.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы ПҚ-2753-санлы қарарына муўапық, пенсия ҳәм напақалар төлеми ҳәр айдың биринши банк жумыс күнинен басланып, айдың 27-сәнесине шекем күнлик график тийкарында (дем алыс күнлеринен тысқары) мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм пуқаралардың жасаў мәнзилине жеткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...